O’zLiDeP Беруний районлық Кеңеси тәрепинен районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген “Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик турмысқа белсене қатнасыўын тәмийинлеў” темасындағы илаж болып өтти.
Онда депутатлар, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының ҳаяз-қызлар белсендилери, улыўма билим бериў мектеплериниң ҳаял-қызлар басланғыш шөлкемлериниң басшылары, районлық “Оқила аёллар” ҳәрекетиниң қатнасыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкиминиң орывнбасары, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева “Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўын, пуқаралар жыйынларында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў”, районлық “Халық минбери” газетасының бас редакторы, районлық Кеңестиң депутаты Л.Хожаниязова “Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжаты ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша Президентимиздиң қарарларының орынланыўы барысында олардың социаллық белсендилигин арттырыў, оларда шүкиршилик сезимлериниң қәлиплесиўи, турмыстан разылығына ерисиў мәселелери”, районлық Әдиллик бөлиминиң баслығы С.Раимбекова нызамшылығымызда ҳаял-қызларға берилип атырған имканиятлар менен жеңилликлер, районлық туўыў бөлими баслығының орынбасары Г.Ешназарова “Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған районлар аралық перинатал бөлимлер ҳаққында”, O’zLiDeP районлық Кеңесиниң аппарат басшысы, районлық Кеңестиң депутаты Р.Юлдашева “Халықтың арасында идеогиялық бослықларға қарсы гүресиў ҳәм оларда руўхый-идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўде үгит-нәсиятшылардың ўазыйпалары, социаллық жәрдемге мүтәж, жат идеялардың тәсиринен қайтпаған ҳаял-қызларды социаллық-руўхый саламатландырыў илажларын көриў” темаларында баянатлар жасады.
Күн тәртибине қойылған мәселелер бойынша сөзге шыққан районлық Ишки ислер бөлимиииң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспекторы С.Бекбагамбетова 2022-жыл даўамында ҳаял-қызлар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятларға тоқтап өтти. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар арасында өз жанына қастыянлық етиў, жынаятшылық ҳәм басқа да унамсыз көрсеткишлер артқан аймақларда руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларын күшейтиў, руўхый жақтан жәрдем бериў, шаңарақларда руўхый-этикалық орталықты тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпаларды әмелге асырыўда бирге ислесиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.
Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги