Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 6-февраль күни энергия тәмийнаты тараўында қадағалаў системасын тәртипке салыў илажлары бойынша мәжилис болып өтти.

Мәжилисте энергия жеткерип бериў ҳәм есап-санақ системасындағы машқалалар сын көзқарастан талланды. Январь айындағы суўық бул бағдарда басқарыў ҳәм қадағалаўдың төменлеп кеткенин анық көрсетти. Жуўапкер шөлкемлер автоматикалық есаплаў системасының электр энергиясында 92 процент, тәбийғый газ бойынша 98 процент орнатылған, деп есабат берген. Бирақ елеге шекем дебитор қарыздарлық жоқарылығынша қалмақта.

Районлардағы тармақ уйымлары электр ҳәм газге жалғаныўға есап-санақсыз ҳәм таллаўларсыз руқсат берип атыр. Мәселен, Ташкент қаласының 120 мәҳәллесинде трансформаторлар жүклемени көтермегени ушын бир айдың өзинде 5-6 мәртелеп оңланған.

Елеге шекем системада урлық жүдә үлкен. Ресурслар ойсызларша талан-тараж етилмекте. Тек ғана декабрь айында электр ҳәм газден нызамсыз пайдаланыў бойынша 12 мыңнан аслам жағдайда 600 миллиард сумлық зыян анықланған. Автомобильлерге газ қуйыў шақапшалары үстинен қадағалаў пүткиллей изден шыққан.

Усылардан келип шығып, энергетика тараўында қадағалаўды күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система белгиленди. Бул системаға энергетиканы қадағалаў бойынша еки жыл «айрықша тәртипте» ислеў ўазыйпасы қойылды. Энергоинспекция ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының жумысын жетилистириў, электр ҳәм тәбийғый газге жалғаныўда жаңаша қатнасларды енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте энергетика инфраструктурасын раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Атап айтқанда, Ташкент қаласының санлы картасын иске қосыў ўазыйпасы қойылды. Онда аукционға шығарылып атырған жерлердиң жайласыўы, энергетика, коммуналлық ҳәм социаллық инфраструктура қуўатлылығы анық көринип турады.

Мәжилисте жуўапкерлер жаңа системаны әмелге асырыў мәселелери бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА