Усы жыл 4-февраль күни Төрткүл районында “Жаслар дәптери”не киргизилген 353 жасқа субсидия тийкарында үскенелер тапсырыў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, жасларға улыўма 1 миллиард 800 миллион сумлық 490 топлам, соннан 166 тигиў машинасы, 50 кондитер печи ҳәм миксер, 31 мотокултиватор ҳәм қурылыс әсбап-үскенеси тапсырылды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен жасларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды исбилерменликке тартыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. 2021-жылдан баслап жаслардың социаллық-экономикалық машқалаларын анықлаў ҳәм оларды шешиў мақсетинде “Жаслар дәптери” системасы енгизилди. Соннан Төрткүл районында бүгинги күнге шекем 6903 жас “Жаслар дәптери”не киргизилип, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.


Бул бағдардағы  “Нөкис тәжирийбеси” тийкарында 2022-жылдың декабрь айында райондағы 37 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынындағы  52 мың 197 жас үйме-үй жүриў арқалы хатлаўдан өткерилип, соннан 788 жасты “Жаслар дәптери”не киргизиў усыныс етилди.





Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар республикамыз бойынша даўам етпекте.








Қарақалпақстан хабар агентлиги