Түркияның қубла-шығыс бөлиминдеги ўәлаятларда жүз берген күшли жер силкиниў ақыбетинде көплеген адамлар қайтыс болғаны ҳәм аўыр жарақат алғаны, үлкен бүлгиншиликлер көрилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанға кеўил билдирди.

Туўысқан Түркия жетекшиси ҳәм халқына терең қайғырыў менен, қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдирди, жәбирленгенлер тез ўақыт ишинде тәўир болып кетиўин тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги