Бухара ўәлаяты суды имаратында 2022-жылдың 1–2-июль күнлери Нөкисте жүз берген ғалабалық тәртипсизликлерди ислегенликте айыпланып атырған 39 судланыўшыға байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша ашық суд процеси басланды.
Бул жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы Дәўлетбай Разовтың басшылығында биринши инстанция судында көрип шығылады.
Дәслепки тергеў уйымының айыплаў жуўмағына бола судланыўшылар:
Алымбай Мырзамбетов (1979-жылы туўылған, жумыссыз),
Даулеткелди Надирбаев (1988-жылы туўылған, АК «Халық банки» Тахтакөпир филиалының юристи),
Камал Ешжанов (1999-жылы туўылған, жумыссыз),
Муратбай Пирлепесов (1978-жылы туўылған, жеке тәртиптеги исбилермен),
Адилбек Сариев (1985-жылы туўылған, жалланба жумысшы),
Нусрет Бауетдинов (1970-жылы туўылған, жумыссыз),
Алийшер Шарапов (1989-жылы туўылған, жумысшы),
Онғарбай Мамутов (1966-жылы туўылған, 2-топар майыбы),
Замирбек Таджимуратов (1988-жылы туўылған, жумыссыз),
Тимурбек Исмаилов (1997-жылы туўылған, 12-санлы мектеп муғаллими),
Расул Султаниязов (1990-жылы туўылған, «Trans Less» ЖШЖ жумысшысы),
Өмирбек Курбанов (1986-жылы туўылған, жеке тәртиптеги мийнет пенен шуғылланады),
Рахимжан Жумабаев (1992-жылы туўылған, такси айдаўшысы),
Абзал Наўрызбаев (1996-жылы туўылған, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти),
Нурмухаммед Генжебаев (2004-жылы туўылған, жумыссыз),
Исламбек Айтмуртов (1993-жылы туўылған, Қоңырат вагон депосы вагон тексериўшиси),
Айдос Есемуратов (1993-жылы туўылған, жумыссыз),
Куўанышбай Бегалиев (1989-жылы туўылған, «Транс йўл қурилиш» ЖШЖ айдаўшысы),
Манас Рахманов (1993-жылы туўылған, «Зарқанд» кондитерлик өнимлери кәрханасының агенти),
Амантай Сейтмуратов (1976-жылы туўылған, жумыссыз) Жынаят кодексиниң 244-статьясы (ғалабалық тәртипсизликлер) 3-бөлиминде;
Полат Есенгельдиев (1989-жылы туўылған, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ вагон бақлаўшысы),
Оралбай Досназаров (1977-жылы туўылған, «Нызам үстинлиги» АҲ адвокаты),
Ислам Полатов (1999-жылы туўылған, жумыссыз),
Шарапат Аширбеков (1979-жылы туўылған, жумыссыз),
Даўранбек Раманов (1996-жылы туўылған, жумыссыз),
Абдималик Хожаназаров (1974-жылы туўылған, «Ел хызметинде» газетасының бас редакторы болып ислеген,
Есимқан Қанаатов (1981-жылы туўылған, «Ишонч» газетасының хабаршысы) Жынаят кодексиниң 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 244-1-статьясы (жәмийет қәўипсизлиги ҳәм жәмийетлик тәртипке қәўип салатуғын материалларды таярлаў, сақлаў, тарқатыў ямаса көрсетиў) 3-бөлими «а», «г» бәнтлеринде;
Рустам Досымбетов (1985-жылы туўылған, жумыссыз),
Конгратбай Бекполатов (1985-жылы туўылған, «Берди-Транс» ЖШЖ айдаўшысы),
Руслан Баимбетов (1988-жылы туўылған, «Давлет Транс» ЖШЖ айдаўшысы),
Қуанышбай Бахиев (1988-жылы туўылған, жеке тәртипте мийнет пенен шуғылланады),
Ислам Сапаров (1989-жылы туўылған, жеке тәртипте мийнет пенен шуғылланады),
Нуратдийин Сапаров (1992-жылы туўылған, Миллий гвардия қорғаў бөлиминиң қатардағы хызметкери болып ислеген),
Заирбек Пиржанов (1986-жылы туўылған, Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң айдаўшысы) Жынаят кодексиниң 104-статьясы (биле тура денеге аўыр заян жеткериў) 3-бөлими «а» бәнти ҳәм 244-статьясы 3-бөлиминде;
Нурсултан Дуйсенбаев (1998-жылы туўылған, мәўсимлик жумысшы),
Нурсултан Байлепесов (1993-жылы туўылған, айдаўшы),
Алпамыс Жумабеков (1994-жылы туўылған, мәўсимлик жумысшы),
Азамат Алланазаров (1997-жылы туўылған, жөнелисли такси айдаўшысы) Жынаят кодексиниң 104-статьясы 3-бөлими «а» бәнти, 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 247-статьясы (оқатар қуралды, оқ-дәрилерди, оқатар қуралдың тийкарғы бөлеклерин, жарылыўшы элементлерди, жарылыў қуралларын ямаса жарылыў қурылмаларын нызамға қайшы түрде ийелеў) 3-бөлими «а» бәнтинде;
Асылбек Өмирзақов (1991-жылы туўылған, жеке тәртиптеги мийнет пенен шуғылланады) Жынаят кодексиниң 166-статьясы (тонаўшылық) 2-бөлими «а», «в» бәнтлери ҳәм 244-статьясы 3-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятларды ислегенликте айыпланбақта.
Барлық судланыўшыларға «қамаққа алыў» тәризиндеги қәўипсизлик илажы қолланылған.
Суд процеси ашық түрде өткерилип, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын суд мәжилислерин видеоконференцбайланыс қуралында тиккелей бақлаўға мөлшерленген, сондай-ақ, барлық техникалық шараятлар жаратылған баспасөз залы шөлкемлестирилген.
Зариф Комилов,
Тоҳиржан Истатов (сүўрет, видео), ӨзА