Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, генерал-майор Б.Абдуллаев 10-санлы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатындағы шараятлар менен танысты.

Дәслеп мектеп-интернатта оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, ол жердеги оқыўшыларды таярлаў топары, брайл әлипбесине арналған баспахананың жумысы, класслардағы заманагөй i-5 маркалы комьютерлер, жол ҳәрекети қәўипсизлиги майданшасы, асхана, китапхана жумысларын көзден өткерди.

Мектеп-интернат оқыўшылары менен пәнлер бойынша ҳәм келешектеги режелери ҳаққында сәўбетлести.

-Жаслардың өз мақсетлерине ерисиўинде, турмыстан өз орнын табыўында билимниң әҳмийети үлкен, -дейди  генерал-майор Б.Абдуллаев. – Сонлықтан, барлық пәнлерди жақсы өзлестирип, алға қойған мақсетлерине ерисиўге умтылыў керек. Биз болса сизлерди ҳәмме ўақыт қоллап-қуўатлаймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги өз аталығына алған бул мектеп-интернаты 2001-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде 283 бала тәрбияланып келмекте.  Олардың сапалы билим ҳәм тәрбия алыўы ушын мәкемеде 90 муғаллим ҳәм 70 тен аслам тәрбияшы жумыс ислейди.




  Қарақалпақстан хабар агентлиги