Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Биз, жаслар жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсымыз» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди. Онда жаслар арасындағы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, жаслық инсанның жарқын келешеги ушын тийкар жарататуғын қайталанбас мәўрити болып табылады. Жас ўақтында усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, өз потенциалын арттырып барған, жәмийетте өз орнын табыўға умтылған адамның келешеги айдын болады.

Деген менен, «Бес бармақ тең емес» дегениндей, жаслар арасында билип-билмей жынаят көшесине кирип қалып атырғанлар аз емес. Ҳәзирги ўақытта жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып, буның ушын тек ғана ата-ана емес, соның менен бирге, мәҳәлле, оқыў орынлары, тийисли мәкемелер менен шөлкемлер де жуўапкер болып есапланады.

  • Ҳәзирги ўақытта студентлер жатақханасында профилактика инспекторы Мийригүл апа Нарымбетова тәрепинен ҳуқықбузарлық, урлық жынаятларының алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Бул илажларда биз студентлер де белсене қатнасып атырмыз. Бундай жынаятлар мениң пикиримше берилип атырған шараятлардан жаслардың дурыс пайдаланбаўының себебинен келип шығады, деп ойлайман. Ҳәр бир жас өзине берилген имканиятлардан толық пайдаланып, жақсы жумыслар ислесе бундай жынаятлар болмайды, деп ойлайман,-дейди институттың дене мәденияты факультетиниң студенти Меҳрибан Муратова.

Илажда жаслар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлықлар туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.


Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги