2023-жыл 4-февраль күни Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Жазаны өтеў департаментине қараслы 4-санлы тергеў қамақханасында сақланып атырған айыпланыўшы Полат Шамшетов (Қарақалпақстан Республикасы ИИМ бурынғы хызметкери) тосаттан қайтыс болған.

Ҳәдийсе орны Бухара ўәлаяты прокуроры басшылығындағы оператив-тергеў топары, ўәлаят ИИМ баслығы, суд-медициналық экспертиза қәнигелери ҳәм гүўалар қатнасыўында көзден өткерилди.

Бул көзден өткериў процесслеринде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша (Омбудсман) Бухара ўәлаяты регионаллық ўәкили, П.Шамшетовтың адвокаты ҳәм жақын туўысқанларының да қатнасыўы тәмийинленди.

Өлим себеплерин анықлаў мақсетинде суд-медициналық экспертизасы тайынланған.

Суд-медициналық экспертизасы жумысшы топарының дәслепки мағлыўматына бола, марҳум өкпе артериясы тромбоэмболиясы, өткир жүрек-қан тамыры жетиспеўшилиги ақыбетинде қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта Бухара қалалық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Мағлыўмат ретинде: Судтың ҳүкими менен П.Шамшетов Жынаят Кодексиниң 244-статьясы 3-бөлими менен айыплы деп табылып, 3 жыл үлкен лаўазымларда ҳәм ишки ислер системасында ислеў ҳуқықынан айырылған ҳәм 6 жыл еркинен айырылған.

ӨзА