Президент Шавкат Мирзиёев 3-февраль күни Наманган ўәлаятында болып, бул жерде әмелге асырылып атырған ири жойбарлар, халықтың турмысы менен жақыннан танысты.

Наманган ўәлаятына сапары Давлатабад районындағы «Fazman tekstil» кәрханасынан басланды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәмийше өним шығарыўдан алдын базарын табыў, жәҳән брендлерин алып келиў зәрүр екенлигин атап өтеди. Сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлы исбилерменлик орталығы нәтийжесинде Наманган ўәлаятында «Waikiki», «Baldessarini», «ZARA» сыяқлы брендлер астында кийимлер ислеп шығарылмақта.

Жақында ашылған «Fazman tekstil»да да жумыс усыдан басланды – Германияның дүньяға белгили «Digel» ҳәм «Carl Gross» бренди менен бирге ислесиў орнатылды.

Жойбар баҳасы 20 миллион доллар болып, оның есабынан үлкен имарат қурылды, Германия ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинди. Мыңға шамалас  жумыс орны жаратылды.

Кәрхана жылына 1 миллион костюм-шалбар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Олар бренд талапларына сәйкеслиги себепли сулыў ҳәм жоқары сапалы. Усы жылдың өзинде 15 миллион долларлық экспорт етиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жумыс процесин көзден өткерди. Өнимлердиң сапасы ҳәм экспорт потенциалын жоқары баҳалады.

Кәрханада жасларға жумыс үйретиў ушын оқыў орайы да шөлкемлестирилген. Президентимиз мине, усы жаслар менен биргеликте сүўретке түсти.

Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласындағы «Бәркамал әўлад» киши санаат ҳәм исбилерменлик зонасында болды.

Мәмлекетимизде исбилерменлерге мүнәсип шараят жаратыў ушын орынларда технопарк ҳәм киши санаат зоналары шөлкемлестирилмекте. Наманган ўәлаятында бундай комплекслердиң саны 73 ге жетти.

Бәркамал әўлад мәҳәллесинде де исбилерменлер, өнерментлер көп. Бирақ олардың үй шараятындағы жумыслары, имканиятлары шекленген еди.

Соның ушын мәҳәлле жанындағы 10 гектарда зәрүр инфраструктураға ийе бир пүтин комплекс қурылды. Бул жерге 46 жойбар жайластырылған. Олардың 18 инде жумыслар жуўмақланып, кәрханалар жумысын баслап жиберди, 2 мыңнан артық жумыс орны ашылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги «Мастер класс дизайн», «Сифат ёғоч саноат», «Баланс текс» кәрханаларындағы жумыс процесин көзден өткерди.

Биринши кәрханада жылына 150 мың былғары аяқ-кийим өнимлери ислеп шығарылмақта. «Сифат ёғоч саноат» жылына 1 мың 200 топлам мебельлер, «Баланс текс» 400 мың тоқымашылық товарларын таярлаў қуўатлылығына ийе. Оларда қоңсы мәҳәллелердеги бурын жумыссыз болған жаслар, ҳаял-қызлар мийнет етип, дәрамат таппақта. Өнимлердиң сапалылығы ҳәм төлеўге қолай баҳада болыўы менен импорттың орнын ийелемекте.

– Өзи адамларымыз исбилермен, жигерли. Мине, тийкар жаратып едик, исбилерменлик «жүрисип кетти». Енди ислеп шығарыўшыларға өзине түсер баҳасын түсириў бойынша жәрдем бериў керек. Өзине түсер баҳасы-исбилерменниң «өмир-мазмуны». Өзине түсер баҳасы төменлесе, экспортқа шығыў жеңиллеседи, бизнес кеңейеди, және жумысшы алады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Санаат зонасындағы басқа жойбарларда үскенелер орнатылмақта. Улыўма, бул жерде таяр кийим-кеншек, былғары аяқ-кийим, қурылыс материаллары, мебель, қағаз, азық-аўқат ҳәм химия өнимлери ислеп шығарылады. Усы әтираптағы Бәркамал әўлад, Яккатут, Янгиҳаёт, Обжувоз, Лола, Чаман мәҳәллелеринде жасаўшы 6 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз бул жерде Наманганда ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көргизбеси менен де танысты. Ҳәзирги тармақларға қосымша палҳәррешилик, зергерлик, мийўе-овощты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Наманган қаласында ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў режелерин додалаў бойынша ашық сөйлесиў өткерилди.

Кейинги бес жылда Наманган ўәлаятында кәрханалар саны 15 мыңға көбейип, 32 мыңнан артты. Усы дәўирде жеке меншик бизнес ислеп шығарған өнимлердиң көлеми 1,6 есеге өсип, 8,3 триллион сумға жетти. Бул-республика бойынша ең жоқары пәтлер.

– Көз алдыңызға келтириң, алты жыл алдын дотацияда болған ўәлаят ҳәзирги күнде беккем дәраматқа ийе болды, заманагөй санаат ҳәм күшли исбилерменлер қәлиплести,-деди Шавкат Мирзиёев. – Әпиўайы етип айтқанда, Наманган, әлбетте, исбилерменлер ели, киши ҳәм орта бизнес орайына айланды.

Мәжилисте, бәринен бурын, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселесине итибар қаратылды.

Таллаўларға бола, быйыл қыстағы суўық ақыбетинде елимиздеги 3 мың аймақлық санаат кәрханасында өндирис төменлеген. Және көплеген исбилерменлердиң салық қарыздарлығы артқан.

Сонлықтан, Президентимиз экономикада шығынлардың орнын қаплаў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў ушын айрықша қарарға қол қойғанын айтты. Оған бола, суўықтан қыйыншылық көрген исбилерменлерге кредит, салық, бажыхана ҳәм басқа да төлемлер бойынша жеңилликлер бериледи.

Соның ишинде, 2 мың киши ҳәм орта исбилерменлердиң январь-март айларында мүддети келетуғын 4,7 триллион сум кредит төлемлери 1-июньға шекем создырылады. 29 мың исбилерменге 2 триллион сум салық қарызын 1-июльге шекем процентсиз, қосымша гиреўсиз ҳәм пенясыз бөлип-бөлип төлеў имканияты бериледи. Қуўатлылығы төменлеген 545 санаат кәрханасына өндиристи тиклеў ҳәм айланыс қаржы ушын 8 триллион сум кредит ажыратылады. Мәмлекетлик мүлктиң сатып алыныўы ҳәм ижарасы бойынша төлемлер бойынша да жеңилликлер бериледи. Өндирислик имаратлардың ҳәр бир жоқары қуўатлылығы ушын исбилерменлерге мүлк салығынан 10 проценттен шегирме жәрияланады.

Бул имканиятлар исбилерменлер тәрепинен қуўанышлы түрде қабыл етилди.

– Наманганның  экономикасын раўажландырыў есабынан, быйыл 500 мыңға шамалас халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша үлкен шеклерди алғанбыз. Бул режелерге тек ғана исбилерменлерге сүйенип, оларды қоллап-қуўатлап ерисиў мүмкин,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Оның ушын ўәлаятта шаңарақлық исбилерменлик ушын быйыл 950 миллиард сўм ямаса 2 есе көп жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Арнаўлы тоқымашылық зонасы шөлкемлестириледи сондай-ақ, 15 санаат зонасының инфраструктурасына 75 миллиард сум ажыратылады. Сондай-ақ, ҳәр бир районда кеминде екеўден микро орай өзиниң жумысын баслайды.

Энергетика министрлигине исбилерменлердиң энергия тәмийнатын күнлик қадағалаўға алып, избе-из жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды.

Халыққа дийқаншылық ушын тарқатылатуғын 9,5 мың гектар жерде базарда өтимли азық-аўқат өнимлерин жетистириў зәрүр екенлиги айтылды.

Ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары бойынша көрсетпелер берилди.

Сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң жаңа пикир ҳәм басламаларын тыңлады.

Президент Шавкат Мирзиёев Давлатабад районында жайласқан «Янги Ўзбекистон ёшлар зиё маскани» китапханасын барып көрди.

Бул комплекс 2021-жылы пайдаланыўға тапсырылған еди. Ҳәзирги күнде 70 мың китап фондына ийе. Китапхана дүньядағы ири электрон китапханалар тармағына жалғанған. Бул арқалы сырт ел әдебиятларынан да еркин ҳәм бийпул пайдаланыўы мүмкин.

Келиўшилер арнаўлы ID-карта алады. Барлық процесслер электрон түрде орынланады.

Биринши қабатта 12 жасқа шекемги балалар ҳәм көзи әззи инсанларға мөлшерленген өз алдына оқыў залы шөлкемлестирилген. Кишкенелердиң дөретиўшилик тәсирлерин байытатуғын үскенелер қойылған. Екинши ҳәм үшинши қабатларда улыўма оқыў заллары, жертөледе архив жайласқан. Сондай-ақ, бул жерде жаслар мәлимлеме технологияларын үйрениўи мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде наманганлы жаслар менен сөйлести.

– Наманган уллы илимпазлар, уста исбилерменлер ели. Бүгин де жаслар экономика, көркем өнер, спорт тараўларында үлкен жетискенликлерге ериспекте. Оларды еситип, көрип, қуўанаман. Жасларымыз ушын және де көбирек имканиятлар шөлкемлестириўди ойлайман,-деди Президент.

Ўәлаятта жигит-қызлар ушын көп бағдарламалар әмелге асырылмақта. Өткен жылы жәмлеспеген жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў ушын 140 миллиард сўм қаржы берилип, 6 мыңнан аслам жас өз жолын тапты.

Сондай-ақ, 2,5 мың гектар егислик майданларын ажыратыў нәтийжесинде 20 мың жастың бәнтлиги тәмийинленди. Шараяты аўыр дерлик 5 мың жасқа контракт пуллары төлеп берилди.

Сөйлесиўде бул имканиятларды даўам еттириўге қаратылған жойбарлар ҳәм басламалар ҳаққында сөз болды.

– Хабарыңыз бар, быйылғы жылды елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп жәрияладық. Мектепте еки шет тилин ҳәм бир кәсипти үйрениў талабын қойып атырмыз. Мине, сондай зия дәргайлары, спорт комплекслери қурылып атыр. Булардың барлығы бирлесип, турмыс мектебине айланыўы керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәсип-өнерге үйретиўге қаратылған «Турмыс мектеби» бағдарламасы әмелге асырылады. Бул бойынша Наманган ўәлаятының тәжирийбеси жаратылады.

Илимий изленислерди қоллап-қуўатлаў, спортты ғалаба ен жайдырыў, кеўил ашар илажлар шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары