6-февраль күни Бухара ўәлаяты суды имаратында өткен жылдың 1-2-июль күнлери Нөкисте жүз берген ғалабалық тәртипсизликлерди ислегенликте айыпланып атырған 39 судланыўшыға байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша ашық суд процеси басланады.
Дәслеп өткен жылдың 1-2-июль күнлери Нөкисте жүз берген ғалабалық тәртипсизликлерди ислегенликте айыпланып атырған 39 пуқараға қозғатылған жынаят исин көрип шығыў бойынша ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ҳәм блогерлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери ушын брифинг болып өтти.
Брифингте Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баспасөз хызметиниң басшысы, Жоқары суд баслығының баспасөз хаткери-мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәтшиси Азиз Обидов мәлимлеме бермекте.
Зариф Комилов,
Тоҳиржан Истатов, (сүўрет, видео), ӨзА