Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында уллы ағартыўшы, журналист Маҳмўдхужа Беҳбудийдиң туўылған күни мүнәсибети менен «Атабийзар» («Падаркуш») трагедиясының премьерасы болып өтти.

«Атабийзар» спектакли – өзбек драматургиясының дәслепки үлгиси болып табылады. Шығарма 3 перде ҳәм 4 көринистен ибарат. Жаўызлық ҳәм наданлық батпағына батқан, оқымаған баланың ғыншылық жолына кирип, өзиниң әкесин өлтиргени өз дәўириниң үлкен миллий трагедиясы болды. Беҳбудийдиң «Атабийзар» драмасы тек ғана Өзбекстан емес, ал, Татарстан, Әзербайжан театр көркем өнериниң раўажланыўына да үлкен тәсир көрсетти. Премьера қарақалпақ театры ықласбентлери ушын да ҳақыйқый саўға болды.








Сахналастырыўшы режиссёр Амангелди Қудайназаров, художник Толыбай Шардеметов, рольлерди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер Жигербай Абдимов, Лизахан Халықназарова, Амангүл Қалмуратова ҳәм басқалар шеберлик пенен атқарып шыққан.


Қарақалпақстан хабар агентлиги