Елимизде жүргизилип атырған реформалардың тийкарғы мақсети халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў болып табылады. Бул бағдарда Шоманай районында бир қатар әмелий жумыслар турмысқа асырылмақта.
Усы жылы «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына 9,3 километр ишимлик суў қубыры тартылды. Бул Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының районлық бөлими тәрепинен ажыратылған 502 миллион сум муғдарындағы қаржы есабынан исленди.
Нәтийжеде аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Абат-жап», «Бирлешик», «Қаратерең», «Бағ аўыл», «Дадек аўыл», «Гелласқан», «Баймақлы», «Султаш аўыл» елатлы пунктлери таза ишимлик суўы менен тәмийинленди.
Бул аўыл халқының турмыс дәрежеси жылдан-жылға абаданласып, турмысының ҳәр тәреплеме жақсыланып атырғанын дәлиллейди.
М.Темирханова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
(Қарақалпақстан хабар агентлиги)