Усы жыл 15-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаевтың исбилерменлерди гезектеги қабыллаўы болып өтти.



Бүгинги күнде елимизде киши бизнести раўажландырыў, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманы республикамызда өндирис ҳәм инвестиция потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Өткерилген қабыллаў мине усы ийгиликли ислердиң даўамы болып, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың машқалаларын шешиўге қаратылды.

Қабыллаўда 81 исбилерменниң жумысларында ушырасып атырған машқалалар бойынша 87 мәселеде мүрәжат келип түсти. Олардың машқалалары қәнигелердиң қатнасыўында тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Исбилерменлер тәрепинен тийкарынан қаржыландырыў, кредит ажыратыў, айырым бюрократиялық тосықлар, транспорт, логистика, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди.

Мәселен, Нөкис районынан келген Айымхан Сапарованың исбилерменлигин кеңейтиўи ушын керекли болған 15 гектар жер майданы ажыратып берилетуғын болды. Улбосын Оразбаеваның алған кредит қаржыларын төлеўде ушырасып атырған машқалаларға бола, ўақтынша мүддетли жеңиллик бериў бойынша мүрәжатына тийкарланып 6 айға созылды. Сондай-ақ, Темирбек Бердишевтиң  исбилерменлигин кеңейтиў ушын жер орын сорап билдирген мүрәжаты бойынша өзи қәлеген орнынан жер орны аукционға қойып берилетуғын болды. Улыўмаластырып алғанда, усы күни қабыллаўға келген исбилерменлердиң мүрәжаты итибарға алынып, нызам шеңберинде шешимин табыў илажлары көрилди. Сондай-ақ, өз басламасы менен келген исбилерменлердиң пикирлери тыңланып, ҳәр бир баслама көтерген, жаңа жумыс орнын жаратаман деген исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол жерде шешимин тапты.  Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.






Қарақалпақстан хабар агентлиги