Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы күнлери  Арқа-Батыс әскерий округининң Нөкис горнизонында капитал оңлаў жумыслары жуўмақланған бир қатар социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.







Атап өтилгениндей, Президентимиз Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Ўатан қорғаўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўында 3 мыңнан зыят әскерий тараў хызметкери үй жай менен тәмийинленгени, 4 мыңнан аслам тараў хызметкериниң өмирлик жолдасы кәсипке оқытылып, жумысқа жайластырылғаны, 1250 напақадағы әскерий тараў ўәкилиниң бәнтлиги тәмийинленгенин атап өтип, тараў пидайылары ҳәм олардың жақынларын социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларға кең түрде тоқтап өткен еди.

Усы сыяқлы ийгиликли жумыслар Қарақалпақстан Республикасында да әмелге асырылып, байрам қарсаңында бир қатар объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы буның айқын мысалы болып табылады.

Атап айтқанда, капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылғаннан соң 2 қабатлы әскерий бөлим штаб имараты, әскерий бөлим медицина пункти, Нөкис турақ жайдан пайдаланыў аймақлық бөлимине қараслы жатақхана жаңаша көринисте пайдаланыўға берилди. Имаратлар заманагөй түске енип, барлық керекли әсбап-үскенелер, мебель-техникалар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, жатақхана имаратында улыўмалық аўқатланыў орны да шөлкемлестирилди.




Илаж қатнасыўшылары пайдаланыўға тапсырылған объектлерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги