Республикамызда 14-январь –Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы кең түрде белгиленди.

Дәслеп Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.








Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлери, ветеранларды ҳәм пүткил халқымызды байрам менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, миллий армиямыздың шегараларымыздың қәўипсизлигин, Ўатанымыз тынышлығын тәмийинлеўдеги хызмети айрықша. Ўатан қорғаўшылары бар екен, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы әлбетте тәмийинленеди.

Президентимиздиң Өзбекстан Республикаы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Ўатан қорғаўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўында атап өтилгениндей, әлбетте, мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз өзиниң муқаддес антына ҳәмийше садық болып, хызмет ўазыйпасын жерде де, көкте де мақтаныш пенен атқарып атырған сизлер сыяқлы зәбердес перзентлери–баҳадыр ҳәм дәўжүрек хызметкерлеримиз бенен орынлы түрде мақтанады.

Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм тараў ветеранларын социаллық қорғаўға, соның ишинде, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң перзентлерине жоқары оқыў орынларына кириўи ушын жеңилликли усыныс хатлар бериў, әскерий хызметкерлердиң өмирлик жолдасларын жумысқа орналастырыўға айрықша әҳмийет берилмекте.

Илажда байрам мүнәсибети менен әскерий ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң бир топары сыйлықланды.

Салтанатлы мәжилисте көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги