Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси депутаты Д.Худайбергенова тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында өзи сайланған аймақ, Бунёдкор МПЖ турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыўда депутат өз сайлаўшыларына 2022-жыл даўамында мәҳәлледе әмелге асырған жумыслары ҳаққында жыллық есабат берди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-декабрьдеги Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты ҳаққында мағлыўматлар берип, ҳәр бир бәнтиниң мазмун-мәнисине, әҳмийетине тоқтап өтип, кең түрде түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда жаңаланған «ашық бюджет» порталы иске түсирилгенлиги, онда мәмлекетлик бюджет ҳәм қарыз ҳаққында мағлыўматлар берилип барылатуғынлығы, платформада «Ташаббусли бюджет» бөлими жаратылғанлығы, ол арқалы пуқаралар жасайтуғын жерлердеги инфраструктураны жақсылаў, дем алыў орынлары, балалар спорт майданшалары, ишки жолларды қурыў, мектеплерди оңлаў ҳәм үскенелеў және басқа да мәселелер бойынша жойбарларды усыныс етип, жергиликли бюджеттиң бөлистирилиўинде қатнасыўы мүмкин екенлиги туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң секретариат баслығы Б.Сейтимов, депутатлар Р.Юлдашева, М.Қодировлар да жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Күнниң екинши ярымында Беруний районлық Кеңесиниң секретариат баслығы Б.Сейтимов, депутатлар Р.Юлдашева, М.Қодиров, Д.Худайбергеновалар «Шаббаз» дийқан базарында халықты арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ушын шөлкемлестирилген ярмаркадағы өнимлердиң баҳасы менен танысты ҳәм қадағалаў жумыслары шөлкемлестирилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги