Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминде жаңа тайынлаўлар жүз берди.

-Физика-математика илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Республикасы Илим ҳәм техника тараўындағы биринши дәрежели Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген илим ғайраткери ҳәм Дүнья жүзилик илимлер академиясының ағзасы Каримберген Кудайбергенов Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына тайынланды.

Тарийх илимлериниң докторы Мақсет Қарлыбаев-Гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының директоры;

Биология илимлериниң докторы, профессор Светлана Мамбетуллаева– Тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институтының директоры лаўазымларына тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги