Усы жылдың 28-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тақыятас «Балалар үйи»нде болып, жәмәәтти Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм тәрбияланыўшыларға саўғалар тапсырды.

Бул жердеги шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде балалар тәрепинен таярланған ойынлар қойып берилди. Байрам алдынан балаларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы «Балалар үйи»ндеги бүгинги жағдайлар, тәрбияланыўшыларға жаратылған  шараятлар менен танысты. Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығында екенлиги атап өтилди. Сонлықтан, олардың келешекте кәмил инсанлар болып ержетиўи ушын бүгиннен баслап тийкар жаратылыўы тийис.










Бул жерде жаратылған шараятлар ҳәм айрықша ғамқорлық ушын жәмәәт атынан миннетдаршылық билдирилди. Ең баслысы, балалардың шадлы күлкилери кешеге өзгеше заўық бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги