Усы жылдың 23-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тахтакөпир районы Белтаў аўыл пуқаралар жыйынында болып, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў жумысларының барысы менен танысты. 

Атап өтилгениндей, республикамыздың суў жетип барыўы оғада қыйын болған алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының басламасы менен 9 дана бурғылаўшы техника, яғный, 4 дана УРБ 25 маркалы ҳәм 6 дана УРБ 600 маркалы жоқары технологиялы үскене республикамызға алып келинген еди.

Усы жылдың октябрь айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының басшылығында Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны  аймағында артезиан қудықларын қазыў ҳәм жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланыўға арналған семинар өткерилип, аймақ турғынларын  ишимлик суўы менен тәмийинлеў жумыслары баслап жиберилди.

Мәлим болғанындай, өткен еки ай ишинде алып барылған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин берип, тереңлиги 520 метрли артезиан қудықлары қазылып, душшы суў шығарылды. Ҳәзирги ўақытта үш орында қудық көзлери ашылған болып, аймақ турғынлары ушын оғада әҳмийетли болған тиришилик дереги ишимлик суўы үзликсиз ағып тур ҳәм оннан пайдаланылып келинбекте. Буннан аўыл турғынлары шексиз миннетдар.




Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы капитал оңлаў жумыслары алып барылған 15-санлы мектепте, бир қатар шаңарақларда да болып, олардың шараятлары менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги