Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары  тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы оннан аслам мүрәжатлары көрип шығылды.

Атап айтқанда, Қараөзек районы турғыны С.Д. исмли пуқара әкеси С.Қ. ҳәзирги ўақытта ЖК ның 97-cтатьяның 2-бәнти менен қамақ жазасын өтеп атырғанлығы, бирақ, қартайып қалғанлығын есапқа алып, жазасын жеңиллестирип бериўди сорап мүрәжат етти.

Усы райондағы Бердақ АПЖ турғыны М.А. исмли пуқара кадастр тәрепинен салынған жәрийма салығын азайтып ямаса бийкарлап бериўди сорады. Сондай-ақ, райондағы және бир Б.Ш. исмли пуқара өмирлик жолдасының ҳәзирги ўақытта ЖК ның 167-статьясы 3-бәнти менен қамалғанлығына байланыслы, ўақтынан бурын азат етиўди сорады.






Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги