Мүнәсибет
Усы жылдың 20-декабрь күни Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске ҳәм Ѳзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатын үлкен қызығыўшылық пенен кѳрдик ҳәм айрықша толқынланыў менен тыңладық. Мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы әҳмийетли ўақыяға айланған Мүрәжатта жуўмағына жетип атырған жылда елимиз халық хожалығының барлық тараўларында әмелге асырылған жумыслар, жетискенлик ҳәм кемшиликлеримиз терең талқыланып, келеси жылы елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға хызмет ететуғын жүдә әҳмийетли алты бағдар бойынша ўазыйпалар орын алған.
Халқымыз Жаңа Ѳзбекстанды қурып атырған бир пайытта мәмлекетимиз басшысының ҳәр қандай жағдайға тѳтепки бере алатуғын миллий мәмлекетшилигимиздиң тийкарын беккемлеў мақсетинде «Алдын – инсан, кейин – жәмийет ҳәм мәмлекет» деген идеяны турмысымызға терең сиңдириў зәрүрлигин, сондай-ақ, раўажланыўға – тек ғана машақатлы ҳәм мәртлик мийнет арқалы ерисилетуғынлығын айрықша атап ѳтти.
Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстанның табысы – пүткил Ɵзбекстанның табысы, Қарақалпақстанның тәшўиши – пүткил Ɵзбекстан тәшўиши» деп айтқан сөзлерин қарақалпақстанлылар халқымызға болған шексиз ҳүрмет ҳәм исеним сыпатында қабыл етти. Ѳз нәўбетинде мийнеткеш халқымыздың тийкарғы мақсети де Жаңа Ɵзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған абадан ел ― Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады.
Инсан қәдири улығланған журтымызда келеси жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама берилиўи билимлендириўдиң сапасын арттырыў, Жаңа Ѳзбекстанымызды раўажландырыўдың тийкары екенлигинен дәрек береди. Солар қатары мәденият ҳәм кѳркем ѳнер тараўында да жасларға билим бериўдиң сапасын жақсылаў, оларды заманагѳй билим алыўлары ушын шараятларды еле де жақсылаў ҳәм сапалы билим бериўде тәжирийбели қәнигелерди тартыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар тийкарғы мақсетлеримиздиң бири. Бүгин жәҳәнниң илим, мәденият, спорт майданында халқымыз ѳзиниң мүнәсип орны ҳәм абыройына ийе болмақта. Буны биз усы күнлери Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик кѳркем ѳнер музейиниң Франциядағы белгили Лувр музейинде даўам етип атырған миллий көргизбеси мысалында кѳриўимизге болады. Ѳйткени, бул кѳргизбеде халқымыздың сийрек гезлесетуғын тарийхый мийрасы, бай мәденияты ҳәм дәстүрлерине сырт елде қызығыўшылық қаншелли жоқары екенин көрсетпекте. «Жәмийетимиздиң мәнаўий тийкарларын беккемлеў, мәденият тараўын раўажландырыў, илимий-дөретиўшилик шөлкемлер, ҳүрметли зиялыларымыздың жумысын қоллап-қуўатлаў да биз ушын баслы бағдарлардан бири болады»,―деди Президентимиз ѳз сѳзинде. Әлбетте, бул тараў хызметкерлерин еле де дѳретиўшилик ислерге баслайды.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәрбир реформа халқымыздың абадан турмыс кешириўине хызмет етеди. Сонлықтан, Мүрәжатнаманы толық үйрениў, онда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетиў ҳәр биримиздиң баслы ўазыйпамыз болып табылады.
Қалбай ТУРДИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги