Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 1-июньдеги  296-санлы  “Академиялық лицейлердиӊ баслық ҳәм педагог хызметкерлериниң үзликсиз маманлығын арттырыў системасын енгизиў ҳаққында”ғы Қарары қабыл етилди.

Қарар менен 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:

Академикалық лицейлердиӊ баслық ҳәм педагог хызметкерлериниң “Өмир даўамында билим алыў” принципи тийкарында үзликсиз илимий маманлығы арттырылады;

билимин жетилистириўдиң мақсети, ўазыйпалары, мазмунынан келип шығып оқыў процесин шөлкемлестириў, баслық ҳәм педагог хызметкерлердиң үзликсиз маманлығын жетилистириў ушын билимлендириў бағдарламалары турақлы жаңалап барылады;

педагог хызметкерлердиң кәсиплик зәрүрликлерин қанаатландырыўға қаратылған маманлығын арттырыў түрлерин еркин таңлаў ҳәм өзлестириў имканияты жаратылады;

кредит-модуль системасы тийкарында альтернатив ҳәм еркин маманлығын арттырыў түрлери де енгизиледи.


Қарақалпақстан хабар агентлиги