Кеше Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында Хорватия ҳәм Аргентина сайланды командалары арасында ярым финал ушырасыўы болып өтти.

Ойынның 34-минутында Хулиан Алвареске хорватиялы футболшылар жәрийма майданы ишинде қопаллық ислеп тоқтатыўға еристи ҳәм пенальтиди Лионел Месси анық әмелге асырып, өз командасын есапта алдыға алып шықты.

34-минутта Алварестиң өзи жәрийма майданы ишине кирип барып, гол урыўға еристи. Буннан соң Хорватия Аргентина дәрўазасы тәрепке көплеген ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, олардың ҳәр сапарғы ҳүжимлери де нәтийжесиз жуўмақланды.

Керисинше, бул ойында Лионел Месси өзиниң шеберлигин және бир мәрте көрсетип, хорватиялы қорғаўшылардың бир-нешесин топ пенен алдап өтип, жәрийма майданы ишинде бос қалған Алвареске голлы пас жеткериўге миясар болды ҳәм жас футболшы бул пастан нәтийжели пайдаланып есапты 3:0 ге жеткерди.

Ойынның қалған минутларында есап өзгерместен қалды ҳәм Месси жетекшилигиндеги Аргентина және бир мәрте 2014-жылдан соң финал жолламасын қолға киргизди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы