Пайтахтымызда жаңадан қурылған Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген жоқары спорт шеберлик мектебинде 10-15-март күнлери аралығында республикамызда биринши мәртебе спорттың қылышласыў  түри бойынша «Қарақалпақ қылышы» атамасында Өзбекстан ашық турнири өткерилди.

Оған республикамыздағы Ташкент, Әндижан, Самарқанд, Ферғана, Хорезм, Бухара, Жиззақ ўәлаятларынан 2003-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы 200ге жақын спортшылар қатнасты.  

Спортшылар қылышласыўдың сабля, шпага ҳәм рапира жөнелислери бойынша, жекке ҳәм команда болып өз-ара күш сынасты.

Ер балалар арасында өткерилген сабля жөнелиси бойынша беллесиўде командалық есапта Нөкис олимпиада резервлери колледжи биринши, Қарақалпақстан сайланды 1-командасы екинши, Қарақалпақстан сайланды 2-командасы үшинши орынды ийеледи.

Усы жөнелис бойынша қызлар арасындағы жарыста командалық есапта Жиззақ ўәлаятының спортшылары жеңимпаз деп табылды.

Рапира ҳәм шпага жөлелислери бойынша командалық есапта бириншилик Әндижан ўәлаяты спортшыларына несийп етти.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы