Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен «Ўатанымның раўажланыўына мениң үлесим» темасындағы таңлаўдың Нөкис қалалық басқышы болып өтти.
– Таңлаў елимиздиң барлық аймақларында көркем өнер ҳәм мәденият, көркем дөретиўшилик, сүўретлеў өнери сыяқлы тараўлар менен шуғылланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған қәбилетли жасларды анықлаўға, мүнәсип хошаметлеўге қаратылған, -дейди Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Нөкис қалалық бөлими бас қәнигеси А.Опаев. – Сондай-ақ, таңлаў жаслардың жаңа басламалар менен шығыўы ушын қолайлы шараятлар ҳәм имканиятлар жаратыўға, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге, бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Таңлаўда «Әдебият ҳәм публицистика», «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер», «Бақсышылық ҳәм миллий эстрада» бағдарлары бойынша 15 жастан 30 жасқа шекемги жаслар беллести.
Таңлаў жуўмағында «Әдебият ҳәм публицистика» бағдары бойынша А.Дарменов, «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер» бағдары бойынша А.Жумабаева, «Бақсышылық ҳәм миллий эстрада» бағдарында Г.Жумабаева биринши орынды ийелеп, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Таңлаў жеңимпазларына қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги