Ҳәзирги ўақытта республикамыздың қала ҳәм районларында мийўе-овощь өнимлерин сақлаў ушын мөлшерленген қуўатлылығы 56 мың тонналық жәми 388 суўытқыш ҳәм қоймаханалар жумыс ислеп турыпты. Соннан 65 музлатқыштың жәми қуўатлылығы 25 мың 375 тоннаны қурайды. Ал, 323 қоймахананың улыўма қуўатлылығы 30 мың 625 тонна.

Усы орынларға азық-аўқат өнимлерин жәмлеп, қыста ҳәм бәҳәрде халқымызды ең тийкарғы азық-аўқатлық өнимлер менен турақлы түрде тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардан саналады.

Қысқы-бәҳәрги мәўсимде халықтың тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде оларды резервке жыйнаў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– 2022-2023-жыллардағы қысқы-бәҳәрги мәўсимде халықты ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм ишки базарларда азық-аўқатлық өнимлериниң баҳаларының турақлылығын сақлаў мақсетинде жәми 35 мың 55 тонна, соннан, 8 мың 577 тонна картошка, 5 мың 197 тонна пияз, 10 мың 220 тонна гешир ҳәм 11 мың 60 тонна гүриш өнимлерин резерв ушын топлаў белгиленген,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң бөлим баслығы М.Қурбаниязов.

Соннан, таярлаўшы кәрханалар тәрепинен резервке жыйнаўдың көлеми жәми 34 мың тонна, соннан, 8 мың тонна картошка, 5 мың тонна пияз, 10 мың тонна гешир ҳәм 11 мың тонна гүриш өнимлерин, ал, социаллық тараў мәкемелери тәрепинен резервке жыйнаўдың көлеми жәми 1054 тонна, соннан, 577 тонна картошка, 197 тонна пияз, 220 тонна гешир ҳәм 60 тонна гүриш өнимлерин резервке жыйнаў белгиленген.

Бүгинги күнде тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин таярлаўшы кәрханалар ҳәм социаллық тараў мәкемелери тәрепинен жәми 33 мың 954 тонна азық-аўқат өнимлери резервке жыйналды (96,9%) ҳәм бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте..

Соның ишинде, 7158 тонна картошка, 4281 тонна пияз, 10 мың 555 тонна гешир, 11 мың 952 тонна гүриш өнимлериниң резерви топланды.




Буннан басқа, республикамыздың барыў қыйын болған алыс аймақларында жасайтуғын 8 елатлы пунктке тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери, яғный, 712 тонна ун, 48,2 тонна өсимлик майы, 109,5 тонна қумшекер, 97,3 тонна гүриш, 261,1 тонна картошка өнимлери толығы менен жеткерип берилди.

2023-жылда республикамыз бойынша Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Төрткүл, Шоманай, Елликқала районларында жәми жыллық өндирислик қуўатлылығы 5600 тонналық, интакерлердиң өз қаржылары, банк кредитлери ҳәм сырт ел инвестицияларының есабынан жәми улыўма жойбарлық баҳасы 18 миллиард сумнан аслам болған суўытқыш ҳәм қоймаханалардың шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Бул режелер толық әмелге асырылса, республикамыздың азық-аўқатлық өнимлери резервиниң және де көбейиўи, халқымыздың қыстан тарықпай шығыўы ушын хызмет етеди.


Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги