Өзбекстан Илимлер академиясында ХХ әсир өзбек әдебиятттаныўы, әдебий критикасы, көркем өнер таныўы ҳәм мәденият таныўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан устаз, жетик илимпаз, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Наим Каримов туўылғанынынң 90 жыллығына бағышланған «Өзбек әдебияттаныўының әҳмийетли мәселелери» темасында халықаралық илимий-әмелий әнжуман болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң көрнекли илимпаз туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султанов оқып еситтирди.

Мәмлекетимиз басшысының пәрманына муўапық, Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларға қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң айқын таланты, кең көлемли дөретиўшилиги, илимий-әмелий жумысы менен халқымыздың руўхый дүньясын байытыўдағы, қәбилетли жас илимпазларды тәрбиялаўдағы мүнәсип хызметлери және туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен әдебияттаныўшы илимпаз Наим Каримов «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағына сазаўар болды. Әнжуманда усы ҳүрметли атақ илимпазға салтанатлы түрде тапсырылды.

Итибарға ылайық тәрепи, Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасының илим ҳәм техника, әдебият, көркем өнер ҳәм архитектура тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықларды бериў ҳаққында»ғы пәрманына бола, «Абдулла Қодирий замондошлари» шығармасы ушын Наим Каримов әдебият тараўында биринши дәрежели Мәмлекетлик сыйлыққа сазаўар болды. Бул болса елимизде дөретиўшилик, машақатлы изертлеўлер, пидәкерлик мийнет, жаслардың ағартыўшылық кәмалаты жолындағы ҳәрекетлери турақлы итибар ҳәм ҳүрметте екениниң және бир айқын көриниси болып табылады.

Әнжуманда Наим Каримовтың өмир жолы, дөретиўшилигин сәўлелендиретуғын ҳүжжетли фильм көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының вице-президенти Баҳрам Абдуҳалимов, Өзбекстан Қаҳарманы, әдебияттаныўшы илимпаз Иброҳим Ғафуров, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Минҳожиддин Мирзо ҳәм басқалар елимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында дөретиўши зыялыларға көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм ғамқорлық әдебият, көркем өнер ўәкиллерин буннан былай да үлкен жуўапкершилик ҳәм пидайылық пенен мийнет етиўге шақырып атырғанын атап өтти.

– Наим Каримов дәслепки тоталитар дәўир жәмийетлик турмысымызға зорлап сиңдирилген қыйын дәўирди, жаўызлықты көрген, – деди Өзбекстан Қаҳарманы, белгили әдебияттаныўшы илимпаз Ибраҳим Ғафуров. – Исмаил Ғапирали, Абдулла Қәдирий ҳәм басқа да жадид ағартыўшылары қандай әдебий процесслер, көринислерди көрген болса, Наим Каримов та соларды көрип, әдебий көринислерди сүўретлеп келмекте. Илимпаз тийкар салған ағартыўшылық-биографиялық, илимий-изертлеў романлары әдебиятымыздың раўажланыўына үлкен үлес болып қосылды. Наим Каримовтың изертлеўлери Түркия, Франция, Әзербайжан ҳәм басқа да көплеген сырт еллерде үлкен қызығыўшылық пенен үйренилди. Оның изертлеўлеринен Усман Насыр, Шолпан, Миртемир устазлардың ҳаўазы келип турады. Илимпаз архивлерде ислеп, Айбек, Шолпан, Беҳбудий сыяқлы көплеген ағартыўшылардың жумысын үйренди. Олардың келбетин және де айқынырақ сәўлелендирди.

– Елимизде илим-ағартыўшылық, әдебияттың раўажланыўы Президентимиздиң турақлы итибарында болып келмекте, – деди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид. – Илимге, ағартыўшылыққа қумар жадид бабаларымыз бүгин әдебияттаныўшы илимпаз Наим Каримовтың тымсалында көринбекте. Көплеген жаслардың устазы болған Наим Каримов жадид бабаларымыз сыяқлы азап шекти. Олар сыяқлы изленди.

Ҳақыйқатында да, белгили жазыўшы ҳәм илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор, илимий ҳәм ғалабалық шығармалардың авторы, Беруний атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери Наим Каримов пүткил өмирин әдебият тараўына бағышлаған дөретиўши болып табылады. Илимпаз репрессия дәўири қурбанларының естелигин мәңгилестириў жолындағы изертлеўлери, хызмети ушын «Эл-юрт ҳурмати» орденин алыўға ерискен.

Наим Каримов оннан аслам китаплар, жүзден зыят мақалалар жазған, ҳәр қыйлы әнжуманлар ҳәм симпозиумларда баянатлар жасаған, айқын илимий жумысы ушын Беруний атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды. Ол өзиниң дөретиўшилик жумысы даўамында өзбек әдебиятының бийтәкирар ғайраткерлеринен бирине айланған. ХХ әсир өзбек әдебиятының раўажланыўын Наим Каримовсыз көз алдымызға келтире алмаймыз.

Мине, бир неше жыллардан берли, Наим Каримов репрессия дәўири қурбанларының естелигин мәңгилестириў үстинде жумыс алып бармақта. Ол «Шейитлер естелиги» мемориал комплексине ҳәм «Репрессия қурбанлары естелиги» музейине тийкар салыныўына нәтийжели үлес қосқан.

Халықаралық көлемде болып өткен әнжуманда елимиздиң илимпаз ҳәм зыялылары менен бирге zoom платформасы арқалы сырт еллердиң илимпазлары тәрепинен Наим Каримовтиң мийнет жолы, изертлеўлери ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Ҳақыйқатында да, Наим Каримов милий әдебиятымызда ағартыўшылық-биографиялық илимий изертлеўлерге сүйене отырып  өзине тән романшылыққа  тийкар салды.

– Президентимиздиң бундай жоқары итибарынан төбем көкке жетти, – деди Өзбекстан Республикасы жаслар устазы, белгили әдебияттаныўшы илимпаз Наим Каримов. – Қуўанышым шексиз. Азлы-кем мийнетлеримниң жоқары қәдирленгени мени оғада куўандырды. Президентимиз, халқымыздың итибары, Ўатанымыздың жоқары ҳүрметли атағына және мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип табылғаныма оғада қуўанышлыман.

Әнжуманда академик Наим Каримовтың өзбек әдебияты, әдебият, театр,  көркем өнер таныўшылығы, миллий ояныў дәўири әдебияты, жадид әдебияты, улыўма миллий руўхый дүньямыздың раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы