Ҳәзирги күнде энергетика тараўында әмелге асырылып атырған реформаларда қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў илажлары көрилмекте. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «жасыл» энергетиканы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Оны санларда көрсететуғын болсақ, 3,5 жыл ишинде улыўма қуўатлылығы 2 897 мегаваттқа тең болған қуяш ҳәм электр станцияларын қурыў бойынша халықаралық компаниялар менен биргеликте 10 келисимге қол қойылған.
Бул жойбарлардыӊ әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша Президентимиз тәрепинен 10 қарарға қол қойылды.
Жойбарлардың улыўма баҳасы дерлик 3 миллиард АҚШ долларын қурайды. Олардың барлығы сырт ел компаниялары тәрепинен тиккелей инвестициялар есабынан әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
«Жасыл» энергетиканы раўажландырыўдыӊ дәслепки нәтийжелер қандай?
2021-жылдың август айында Наўайы ўәлаятының Кармана районында биринши 100 мегаватт қуўатлықтағы ири қуяш фотоэлектр станциясын иске қосылды.
2022-жылдың май айында Самарқанд ўәлаятының Нурабат районында 100 мегаватт қуўатлықтағы ири қуяш фотоэлектр стнциясы иске қосылды.
Бул еки станция ҳәзирги күнде орайлық тармаққа электр энергиясын узатпақта.
Жақын жылларда неше қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылады!
2023-2024-жыллары Қарақалпақстан, Сурхандәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 1 197 мегаватт болған 5 қуяш ҳәм самал электр станциялары пайдаланыўға тапсырылады.
2024-2025-жыллары Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятында ҳәр бириниң қуўатлылығы 500 мегаваттан болған 3 самал электр энергиясы иске қосылады.
2026-жылға барып Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 8 000 мегаваттқа тең болған қуяш ҳәм самал электр станциялары, 868 мегаватт қуўатлылыққа ийе гидроэлектр станциялары иске қосылады.
«Жасыл» энергетиканы раўажландырыў жолында тендерлер даўам етпекте
Ҳәзирги күнлери Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 1000 МВт болған қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша 3 тендер таңлаўлары даўам етип атыр.
Бириншиси, Бухара, Наманган ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы улыўма қуўатлылығы 500 МВТ болған қуяш фотоэлектр станциялары;
Екиншиси, Қашқадәрья ўәлаятының Ғузар районында 300 МВт қуўатлықтағы қуяш электр станциясы ҳәм энергия сақлаўшы системалар;
Үшиншиси, Қарақалпақстан Республикасында 200 МВт қуўатлықтағы самал электр станциясы.
2022-жылдың ақыры ҳәм 2023-жылдың басында таңлаў жуўмақланады ҳәм инвесторлар анықланады.
Өзбекстанда биринши мәрте халық хожалығынан мәмлекет электр энергиясын сатып алмақта
Өзбекстан тарийхында биринши мәрте халықтың үйинде орнатылған қуяш панеллери жәрдеминде ислеп шығарылған электр энергиясын мәмлекет тәрепинен сатып алыў әмелияты жолға қойылды.
Мәмлекет хожалықларда орнатылатуғын қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытыў қурылмаларын орнатыўда физикалық тәреплерге бир қатар жеңилликлер енгизилмекте.
Физикалық тәреплер қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытыў қурылмаларын онлайн сатып алыў ушын платформа иске қосылды.
Бул қурылмаларды 3 жыл мүддетке процентсиз бөлип төлеў ямаса мәмлекет тәрепинен компенсация арқалы сатып алыў мүмкин.
ӨзА