Ҳәзирги ўақытта газ қуйыў шақапшаларының ўақты шекленгенлиги себепли жеке транспорт ҳәмде жәмийетлик транспортлар бойынша машқалалар келип шықпақта. Себеби қаламыздағы 4 газ қуйыў шақапшаларының мәмлекетке газден қарыздарлығы себебинен ўақтынша тоқтатып қойылған еди. Сол себепли бундай машқалалардың алдын алыў, жолаўшыларға қолайлық жаратыў, жәмийетлик транспортлардың үзликсиз қатнаўын тәмийинлеў мақсетинде  Жоқарғы Кеңес баслығы Аманбай Орынбаевтың тапсырмасы менен газ жеткерип бериў ушын жоқарыдағы 4 газ қуйыў шақапшаларына жумыс ислеўине  рухсат етилди ҳәмде газ бенен тәмийинлеў жолға қойылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги