Президент Шавкат Мирзиёев 30-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы менен Қырғыз Республикасы арасындағы мәмлекетлик шегараның айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнама ҳәм Әндижан (Кампирабад) суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў ҳаққындағы келисимди ратификациялаўға қол қойды.

Мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары менен еки туўысқан халық арасындағы ҳүрмет ҳәм жақсы қоңсышылық беккемленип, 30 жылдан берли шешилмей атырған мәселелер келисилмекте.

Бул халықаралық шәртнамаларға Өзбекстан сыртқы ислер министри В.Норов басшылығындағы делегацияның 2022-жыл 3-ноябрьде Бишкек қаласына сапары ўақтында қол қойылған. Бул ҳаққындағы нызамлар Нызамшылық палатасы тәрепинен 2022-жыл 14-ноябрьде қабыл етилген ҳәм Сенат тәрепинен 2022-жыл 18-ноябрьде мақулланған. Оларды ратификациялаў бойынша Қырғызстан нызамларына Қырғыз Республикасы Президенти 2022-жыл 29-ноябрьде қол қойған.

Өзбекстан Республикасы менен Қырғыз Республикасы арасындағы мәмлекетлик шегараның айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнама 13 статьядан ибарат. Онда өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасының 35 участкадағы улыўмалық узынлығы 302,29 км болған сызығы белгиленди.

Өзбекстанға 4957 гектардағы Әндижан суў сақлағышының аймағы менен суўды иркетуғын бөгетке хызмет көрсетиў ҳәм оны қорғаў ушын қосымша 19,5 гектар жер майданы өткериледи, Қырғызстанға болса компенсация түринде 1019 гектар жайлаў жерлери бериледи.

Сондай-ақ, Қырғызстанға Әндижан суў сақлағышының қурылмай қалған Кампирабад шеп жағалық каналы ушын «Ғовасай» участкасынан 12 849 гектар жер майданы компенсация түринде бериледи. Онда, Қырғызстан тәрепи «Ғовасай» дәрьясының тәбийғый ағысына тосқынлық ететуғын гидротехникалық ҳәм басқа да объектлерди қурмаў, суўдың техникалық патасланыўына жол қоймаў миннетлемесин алады.

Әндижан суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў мәселеси ҳәм Сўх районындағы «Чашма» булағы жайласқан участка өз алдына шәртнамалар менен тәртипке салыныўы келисип алынды.

Өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасының айырым участкаларында демаркациялаў жумыслары толық тамамланбағанша Мәмлекетлик шегараны қадағалаў ҳәм қорғаў жерден ҳақыйқый пайдаланыў шегаралары бойлап әмелге асырылады.

Әндижан (Кампирабад) суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў ҳаққындағы келисим 11 статьядан ибарат. Онда Әндижан суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў бойынша Биргеликтеги комиссия (Өзбекстаннан-суў хожалығы министри) дүзилди ҳәм оның жумысы ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан тәрепинен Келисимди әмелге асырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар (Өзбекстан тәрепинен – Суў хожалығы министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы) ҳәм олардың өз-ара бирге ислесиў тәртиби белгилеп берилди.

Әндижан суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў бойынша Келисим тәреплериниң өз-ара миннетлемелери сәўлелендирилди.

Өзбек тәрепи суў сақлағыштағы суў қәддин 900 горизонталдан жоқары болмаған қәддинде услап турыў, Қырғызстан пуқараларының суў сақлағыш суўына еркин кириўи ҳәм оннан пайдаланыўын (ҳайўанларға суў бериў, суўғарыў, балық аўлаў) тәмийинлеў, әтирапында инженерлик-техникалық имаратларды орнатпаў миннетлемелерин алған. Қырғызстан тәрепи суўды қорғаў зоналарының орнатылыўын оннан пайдаланыў режимине әмел етилиўин тәмийинлеў миннетлемелерин алған.

Әндижан суў сақлағышының қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша Өзбекстан ҳәм Қырғызстан тәрепинен әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар келисип алынды. Оған бола, Өзбекстан тәрепи суў сақлағыштың қәўипсизлигин тәмийинлейди, эксплуатациялайды, техникалық хызмет көрсетеди, Қырғызстан тәрепи менен келисилген лимитлер шеңберинде суў шығарады.

Улыўмаластырып айтқанда, шегара сызығын делимитациялаўды жуўмағына жеткериў арқалы мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар және де беккемленип, ҳеш қандай келиспеўшиликке орын қалмайды.

Әндижан суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылады. 2,5 миллион тонна аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм 500 миллион доллар муғдарындағы өнимлерди экспорт етиў ушын 8 мыңға шамалас фермер хожалықларын суў менен үзликсиз тәмийинлеў имканияты пайда болады.

ӨзА