2022-жыл 29-ноябрьдеги 681-санлы Ҳүкимет қарары менен Мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында «Моҳир алоқачи» көкирек белгиси ҳәм «Ўз касбининг устаси» нышаны шөлкемлестирилди.
Қарарға бола, «Моҳир алоқачи» көкирек белгиси менен – мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан және тараўда кеминде 15 жыл мийнет стажына ийе пуқаралар сыйлықланады.
Көкирек белгиси және «Ўз касбининг устаси» нышаны ҳәр жылы 7-май байланыс тараўы хызметкерлериниң кәсиплик байрамы алдынан тапсырылады.
Сыйлықланғанларға БЕМниң төрт ярым есеси (1 миллион 350 мың сум) муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық бериледи.
Бул көкирек белгиси ҳәм нышан менен ҳәр бир адам тек бир мәрте сыйлықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги