Арал апатшылығына қарсы гүресиў ушын ҳәзирги күнде пүткил дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын жәмлеў, күшлерди бирлестириў зәрүр екенлиги белгили.
Кейинги жыллары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Арал апатшылығының унамсыз ақыбетин азайтыў, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған кең көлемли илажлар ислеп шығылып, әмелге асырылып атырғаны да бийкарға емес. Әсиресе, бул бағдарда халықаралық шөлкемлер менен биргеликте жолға қойылған бир қатар жойбарлар нәтийже бермекте.
БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Глобал экологиялық фонд (GEF) тәрепинен қаржыландырылып атырған «Арал теңизи бассейни ландшафтының киризисли жерлеринде турақлы тиришиликти тәмийинлеўди қоллап-қуўатлайтуғын тийкар сыпатында көллер, суў-батпақ жерлери ҳәм қурғақлық бойы аймақларын сақлаў ҳәм басқарыў» мине усындай жойбарлардан бири.
Пайтахтымызда Мәмлекетлик экология комитети менен биргеликте әмелге асырылып атырған усы жойбарды додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Атап өтилгениндей, улыўма баҳасы 4 миллион долларды қурайтуғын бул жойбар Аралбойы регионының көллери, суў-батпақ аймақларын сақлаў ҳәм турақлы басқарыў бойынша алып барылатуғын әмелий жумысларды қамтып алады.
Ҳәммемизге белгили, суў-батпақ аймақлары дүньядағы биологиялық ҳәр түрлиликтиң сийрек гезлесетуғын көриниси, баҳалы экосистема болып есапланады. Ҳәзирги күнде Арал теңизи бассейнинде де көллер, батпақлы аймақлар ҳәм жағалық экосистемасы сақлап келинбекте. Көшпели курслардың көплеген түрлери ушын Өзбекстан жүдә әҳмийетли ушыў жолында жайласқан. Мәселен, Судочье, Теңизкөл, Айдар-Арнасай көллер системасы қыслаўшы-көшпели қуслардың тийкарғы уялайтуғын мәканы болып есапланады.
Жойбар қорғалатуғын тәбийғый аймақларды, тийкарғы биологиялық ҳәр түрлилик ҳәм тийкарғы орнитологиялық аймақлар әтирапындағы өнимли ландшафтларды, жер ҳәм суў ресурсларын комплексли басқарыўға қаратылған. Соның менен бирге, топырақ деградациясының алдын алыў арқалы Төменги Әмиўдәрья ҳәм Арал теңизи бассейни аймағында экосистеманың турақлылығын беккемлеў, турмыс шараятын жақсылаўдан ибарат.
Жойбар Өзбекстанның арқасы ҳәм арқа-шығысында жайласқан Әмиўдәрьяның төменги ағысы, Арал теңизи бассейни аймақларында әмелге асырылады. Усы аймақ ҳәкимшилик жақтан Бухара ўәлаятының Алат, Қаракөл районлары сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья ҳәм Мойнақ районларын өз ишине алады. Бул жерлерде тәбийғый экосистема, яғный батпақлар, көллер Әмиўдәрья бассейни қурғақлық бойының майданлары жайласқан. Қалаберди, бул аймақларда деградацияға ең көп ушыраған жайлаўлар, айырымлары шорланыўға бейимлескен суўғарылатуғын майданлар бар.
Соның ушын жойбар усы қурғақшыл ландшафттағы көллер, батпақ жерлер ҳәм қырғақ биологиялық ҳәр түрлилигиниң қысқарыўы ҳәм жойтылып барыўы менен тиккелей байланыслы болған жерлер деградациясы, суў жетиспеўшилиги ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликтиң жойтылыўына алып келиўши факторларды сапластырыўға қаратылған.
Жойбар шеңберинде улыўма майданы 3 миллион гектардан аслам Қубла Үстирт, Белтаў, Судочье көллер системасы, Ақдәрья-Қазақдәрья аралығы ҳәм Акпетки корықханасы сыяқлы бес жаңадан қорғалатуғын тәбийғый аймақларды раўажландырыў күтилмекте. Бул аймақлардың барлығы региондағы қуслар жасайтуғын аймақларды толық ямаса айырым бөлегин қамтып алады.
Мәжилисте жойбар бойынша әмелге асырылатуғын гезектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Гўзал Сатторова, ӨзА