Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланған «Ана тилим, сен – басқадан айырмам» атамасында салтанатлы кеше болып өтти.
Илажда университет ректоры Ахмет Реймов шығып сөйлеп, жыйналғанларды 1-декабрь «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 33 жыллық байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, қарақалпақ тилиниң тарийхын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша бүгинги күнде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы, «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамлары қабыл етилип, 2016-жылы «Қарақалпақ тилиниң имла қағыйдалары», 2017-жылы «Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги» 4 мың нусқада жәрияланды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилген болып, онда 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясын ҳәм мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Буннан соң филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимовтың қарақалпақ тилиниң ғәрезсизлик жылларында раўажланыўына бағышланған баянаты тыңланды.
– Қарақалпақ тилин дәўир талабына сай раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған, -дейди профессор Ш.Абдиназимов. –Бирақ мәкеме ҳәм кәрханалар, исбилерменлик субъектлери, турмыслық хызмет көрсететуғын объектлердиң атамалары нызам бойынша мәмлекетлик тилде жазылыўы керек болса да, олар орынланбай атырғанының гүўасы боламыз. Ғалаба хабар қуралларында қарақалпақ тилинде сыңары бола турып, басқа тиллерден кирген сөзлерди қолланыў жағдайлары ушырасып атыр. Өзимиздиң ана тилимизди өзимиз ҳүрмет етип, сап ҳалында кейинги әўладларға жеткериў, және де раўажландырыў ҳәр биримиздиң перзентлик ўазыйпамыз болып табылады.
Илажда университет көлеминде өткерилген «Саҳра бүлбиллери» атамасындағы жас шайырлар таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды. Олар өзлериниң ана тилине бағышланған қосықларын оқыды.
Кеше соңында университеттиң Халық сазлары оркестри, бақсылар ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, «Ҳүрлиман» халық ансамблиниң аяқ ойынлары жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги