1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

 Тил инсанды инсан етип қәлиплестирген, урыў ҳәм қәўимлерге бирлестирген, жоқары раўажланыў басқышларына алып шыққан, миллий өзлигин аңлатқан, руўхый кәмилликке жетелеген теңлеси жоқ байлық, адамлар арасындағы ең әҳмийетли қатнас қуралы есапланады. Соның менен бирге, тил дүньяны көриў, еситиў, билиў ҳәм сезиниў қуралы. Белгили немис тилшиси В.Гумбольдт «тилде халықтың руўхый дүньясы өзиниң сәўлелениўин табады. Басқа халықтың руўхый дүньясын билиў ушын сол халықтың тилин үйрениў зәрүр. Тиллердиң ҳәр қыйлылығы тек сеслердиң ҳәм таңбалардың ҳәр түрлилигинде емес, ал дүньяны таныў, сезиў ҳәм қабыллаўдың ҳәр қыйлылығына байланыслы», – деп жазады.

Тил – халықтың руўхы менен тығыз байланыслы. Тил адамзат мәдениятының ажыралмас бөлеги, халықтың күш алатуғын бирден-бир дереги. Тил адамзат ҳәрекетиниң басқа барлық түрлериниң тийкарында туратуғын адамзат руўхының баслы ҳәрекети.

Ҳәр бир тил улыўма адамзат мәдениятының бир бөлеги. Ана тили –ҳәр бир адамның сана-сезими, руўхый раўажланыўы ушын зәрүр. Ол халықтың тарийхы менен тығыз байланыслы, оның бирлигин, халықтың өзине тән өзлигин тәмийинлейди, халықтың халық болып сақланыўы ушын тийкарғы дерек болып, сол тилде сөйлеўши әўладлардың үзликсизлигин тәмийинлейди.

1989-жылы 21-октябрь күни Ɵзбек тилине мǝмлекетлик тил бийлиги берилгеннен кейин, 1989-жылы 1-декабрь күни Қарақалпақстанда «Қарақалпақ тили»не мǝмлекетлик тил бийлиги берилди. 1991-жылы мǝмлекетимиз ғәрезсизликке ерискенимизден кейин қарақалпақ тили раўажланыўдың жаңа басқышына кирди. Мәмлекетимизде алып барылып атырған миллетлерара татыўлық сиясатының нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта Өзбекистан көлеминде жети тилде-өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, тәжик, рус, қырғыз тиллеринде, Қарақалпақстанда бес тилде-қарақалпақ, өзбек, орыс, түркмен, қазақ тиллеринде билим алыў мүмкиншилиги жаратылған. Қарақалпақстанда еки тилге-өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерине мәмлекетлик бийлик берилген. Қарақалпақ тилине мәмлекетлик бийликтиң берилиўи республика аймағында жасап атырған басқа халықлардың өз ана тилин пайдаланыўында Конституциялық ҳуқықларын кемситпейди. Дүнья жүзинде бес мыңнан аслам тил болатуғын болса соның ишинде тек еки жүзге шамалас тиллер мәмлекетлик тил есапланады. Ғәрезсизлик дәўиринде қарақалпақ тилиниң қолланыў өриси кеңейди: Қарақалпақстан Республикасының нызам актлери, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басқа да ҳүжжетлери мәмлекетлик тилде қабыл етиледи ҳәм жәрияланады, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң алдына қыстырылып қойылатуғын атамалар, районлар, мәкан пухаралар жыйынларындағы жер-суў атамалары, көшелер, қыябанлар қарақалпақша сөзлер менен аталмақта. Мектепке шекемги балалар-бақшаларында тәрбиялаў, қарақалпақ тилинде билим бериў, оқытыў ислери алып барылмақта, кәрхана ҳәм шөлкемлерде ис жүргизиў, есап ҳәм финанслық ҳүжжетлер әмелге асырылмақта, радиоеситтириўлер берилип, тек ғана Қарақалпақстанда емес, Өзбекстан телевидениесинде де қарақалпақ тилинде көрсетиўлер берилмекте, интервьюлар қарақалпақ тилинде берилмекте. Қарақалпақ тилинде газета-журналлар жәрияланбақта, пуқаралық ҳалат актлери, адамның ким екенлигин ҳәм оның ҳуқықларын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер, нотариаллық ҳәрекетлер ҳәм суд ислери алып барылмақта, пуқараларға мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелерге арзалар, усыныслар менен қарақалпақ тилинде мүрәжат етиў ҳуқықы тәмийинленбекте, илимий мийнетлер дөретилип, диссертациялар қорғалмақта, қарақалпақ тилинде жыйналыслар, халық аралық, республикалық илимий-теориялық әнжуманлар өткерилмекте, баспа жумыслары, почта-телеграф жөнелтпелери әмелге асырылмақта, мәкеме, шөлкемлер ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң мөрлери, штамплары, бланкаларының текстлери жазылмақта, медицина хызметкерлериниң бир аўыз жақсы сөзи қәстениң дәртине шыпа болып емлеў ислери шөлкемлестирилмекте, қарақалпақ тилинде поэзиялық, прозалық, драмалық шығармалар дөретилмекте. Демек, ҳәзирги жәмийетлик турмысымызда қарақалпақ тилиниң қолланыў өриси кеңейип, раўажланып бармақта.

Ғәрезсизлик жылларында тилдиң ишки структурасында өзгерис болмады. Даўыслы ҳәм даўыссыз фонемалардың саны бурынғысынша қалды. Морфология тараўында айырым сөз жасаўшы аффикслердиң қолланыў белсендилигиниң артыўы нәтийжесинде айырым жаңа сөзлердиң жасалғанын есапқа алмағанда сөз шақапларында дерлик өзгерис болмады. Синтаксис тараўында да қәлиплескен модельлер тийкарында гәп қураў дәстүри даўам етти. Тийкарғы өзгерис тилдиң сөзлик қурамында жүзеге келди. Жәмийетлик – экономикалық формацияның өзгериўи менен жаңадан қәлиплесип атырған базар экономикасына тийкарланған еркин демократиялық жәмийет қурыў, буның ушын сиясий системада реформаларды әмелге асырыў, руўхый-мәнаўий тараўда миллий өзликти аңлаў, көп әсирлик миллий қәдириятларды қайта тиклеў бойынша кең көлемли реформалар нәтийжесинде жаңа дүзимге сай тилимиздиң сөзлик қурамында жаңа сөзлер пайда болды. Мәмлекетлик басқарыў структурасы, көп партиялылықтың қәлиплесиўине байланыслы жәмийетлик-сиясий лексика түпкиликли жаңаланды: Президент, Министрлер Кабинети, ҳәкимият, ҳәким, мәкан-пуқаралар жыйынлары, Халық демократиялық партиясы, Әдалат партиясы, Миллий тиклениў демократиялық партия, Либерал демократиялық партиясы, жақында ғана шөлкемлескен Экологиялық партиясы. Илим тараўлары бойынша халық аралық терминлер менен бирге миллий атамаларымыз раўажланды. Республиканың топонимикасында бурынғы аўқам дәўириндеги сиясий искерлердиң атларының орнына жергиликли атамалар қойылды: Ленинабад – Қанлыкөл.

Ҳәммеңизге мәлим, 1993-жылы 21-октябрьде «Латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў туўралы» Нызам қабыл етилди. 1994-жылы 26-февральда «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў туўралы» Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында Нызам қабыл етилди. Бул әлипбеде 31 ҳәрип болды. 1995-жылы
29-октябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
5-сессиясында қарақалпақ әлипбесине өзгерис киргизилип, a’, g’, o’, u’, n’ ҳәриплери апостроф белгиси менен, «ш» сеси ушын «sh» ҳәриплер бирикпеси қабылланды. 1995-жылы қабыл етилген латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесине қосымша рус тилинен кирген сөзлерде жумсалатуғын «в» ҳәриби енгизилди.

2009-жылы 8-октябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясында әлипбе ҳәм имла қағыйдаларына айырым өзгерислер киргизилди:

1) Рус графикасындағы «ц» ҳәрибин аңлатыў ушын «с», «ч» ҳәрибин аңлатыў ушын «ch» ҳәриплер бирикпеси киргизилди.

Әлипбедеги ҳәриплердиң саны 34 ҳәрип болды.

2) «Ы» ҳәм «и» ҳәриплериниң латынша таңбаланыўына өзгерис киргизилип «ы» ҳәриби «I’, i’» түринде, яғный баспасында бас ҳәриби еки элементли, киши ҳәриби үш элементли түринде жазылатуғын болды. «I, i» (и) ҳәриплери ҳәзирги түринде қолланылатуғын болды.

3) «Е», «о», «o’» ҳәриплериниң имласына өзгерислер киргизилди. Сөз басында дара түринде жазылып киятырған «е», «о», «o’» ҳәриплериниң алдында түпкиликли сөзлерде «y», «w», ҳәриплери қосылып «ye», «wo», «wo’» бирикпеси түринде жазылатуғын болды: yertek, wol, Wospan, Wo’tegen, Yernazar.

2015-2016 жыллары латын жазыўындағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша үш мәртебе республикалық конференция өткерилди. Ғалаба хабар қуралларында 30 аслам мақалалар жәрияланды. Солай етип, 2016-жылы 10-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесине айырым өзгерислер енгизиў туўралы» Нызам қабылланды. Бул нызам бойынша жәмийетшилик арасында кескин талас-тартысларға себепши болып киятырған түпкиликли сөзлерде сөз басында «e», «o», «o’» ҳәриплериниң алдынан «y» ҳәм «w» ҳәриби қосылып, «ye», «wo», «wo’» бирикпеси түринде жазылады» деген өзгерис алып тасланды;

Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-октябрь күнги пǝрманы «Ɵзбек тилиниң мәмлекетлик тили сыпатындағы абырайын түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы, 2020-йил 20-октябрьдеги «Мәмлекетимизде өзбек тилин және де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў ҳәм тил илажлары ҳаққында»ғы пǝрманы тийкарында 2020-2030 жылларда өзбек тилин раўажландырыў концепцияси тастыйықланды. Президентимиздиң усы пǝрманлары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 3-ноябрьдеги «Қарақалпақ тилиниң мǝмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳǝм орнын жǝне де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы санлы қарары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақ тилин жǝне де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2021-жыл 16-июль күнги қарары қабыл етилди. Бул қарарлар тийкарында 2021-2030-жылларда Қарақалпақ тилин раўажландырыў концепциясы билимлендириў мǝкемелеринде, улыўма билим бериў мектеплеринде қарақалпақ тили сабақларын көбейтиў, жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тили кафедраларының санын 2025-жылға шекем 8 ге, 2030-жылға шекем 12 ге көбейтиў, сөзликлер дүзиў, миллий бағдарлама тийкарында сабақлықлар жаратыў, сабақлықларға қарақалпақ ǝлипбеси ҳǝм имла қағыйдаларын заманагөй мǝлимлеме технологиялары ҳǝм коммуникацияларына интеграцияланыўын тǝмийинлеў ўазыйпалары белгиленген. Бул жумысларды ǝмелге асырыў ушын 2020-жылы М.Дǝўлетов ҳǝм Ш.Абдиназимовлардың тǝрепинен «Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги» басылып шықты. Миллий бағдарлама тийкарында 2021-жылы Ш.Абдиназимов, Ж.Оспанова, Ҳ.Абдижаббаровалар тǝрепинен «Əлипбе» жǝрияланды. Авторлар жǝмǝǝти тǝрепинен 1 ҳǝм 2- класслар ушын «Ана тили ҳǝм оқыў саўатлығы» сабақлығы, 3,6,10-класслар ушын «Қарақалпақ тили» сабақлықлары 2022-жылы жǝрияланды.

Авторлар жǝмǝǝти тǝрепинен «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» таярланбақта.

2016-жылы 5-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Қарақалпақ тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди ҳәм 2016-жылы «Қарақалпақ тилиниң имла қағыйдалары» жәрияланды. 2017-жылы «Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги» жәрияланды.

Қулласы, жетискенликлеримиз көп. Бирақ деген менен бул тараўда дыққат аўдарыўды талап ететуғын айырым мәселелер де ушырасады:

  1. Ҳәр бир илим тараўына тийисли терминлерди жетилистирип барыў зәрүр. Ҳәзирги ўақыттағы тийкарғы қәте-кемшиликлердиң бири – әсиресе радио еситтириўлери, телевидение көрсетиўлеринде үш тилдеги терминлерди (орыс, өзбек, қарақалпақ) аралас қолланыў ҳалатлары ушырасады. Мектеп сабақлықларында терминлерди қолланыўда қәте-кемшиликлер де көплеп ушырасады.
  2. Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен тилимизде сыңары бола тура басқа тиллерден кирген сөзлерди орынсыз қолланыў тилимиздиң шубарланыўына алып келеди. Тил тазалығын сақлаўға үлкен дыққат аўдарыў талап етиледи.

Жуўмақластырып айтқанда, Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған миллетлерара татыўлық сиясаты нǝтийжесинде аз санлы халықлардың тили, ǝдебияты, мǝденияты менен үрп-ǝдетлери, дǝстүрлерин сақлаўға жǝне де раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған. Буның ушын биз хүрметли журтбасшымызға өзимиздиң шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

 

Шамшетдин Абдиназимов,

филология илимлериниң докторы, профессор,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет 

көрсеткен илим ғайраткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги