Усы жыл 30-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде мәжилис өткерди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, республикамыз аймағында транспорт хызметин көрсетиў ҳәм тараў бойынша жумыслардың шөлкемлестирилиў жағдайы, сондай-ақ, бул бағдарда жол қойылған қәте-кемшиликлере тоқтап өтти.

Өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри лаўазымына тайынланған Омаров Маманбий Аллабергенович жәмәәтке таныстырылды ҳәм тараўда жол қойылған кемшиликлерди сапластырыўда ат салысатуғын басшы болатуғынлығына исеним билдирилди.

Маманбий Омаров усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Халықаралық байланыслар, логистика ҳәм экспортты раўажландырыў департаменти баслығы лаўазымында жумыс алып барған.
Мәжилисте транспорт хызметин жақсылаў бағдарында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын ҳәм халқымызға сапалы хызмет көрсетиў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестирмегени ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары ҳәм министрликтиң юристи ийелеп турған лаўазымынан босатылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги