Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Беруний районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмыс ушын шараят жаратыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, район белсендилери менен өткерилген ушырасыўда көше бийлеринен келип түскен усыныслар ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилген еди.
Усы тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў бойынша Жоқарғы Кеңес Аппаратының юридикалық бөлими баслығы А.Атажанов жуўапкер етип бекитилди.
Ушырасыўда районда 15 мың 677 көшпес мүлк объекти елеге шекем мәмлекетлик дизимнен өтпеген, соннан ҳүжжетлери бар 9 мың 418 көшпес мүлк объекти мәмлекетлик дизимнен өтпегенлигин сынға алған еди. Болып өткен мәжилис жуўмағы бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, район ҳәкимлиги менен биргеликте Тынышлық аўыл пуқаралар жыйыны аймағында пуқаралардың турақ жайларына кадастр ҳүжжетин рәсмийлестириў жумыслары әмелге асырылмақта.
Онда пуқаралар ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде кадастр агентлиги бөлими, қурылыс бөлими, мәмлекетлик хызметлер орайы, районлық архив ҳәм банк хызметкерлери қатнасында дүзилген топар аўыл пуқаралар жыйыны аймағына барған ҳалда көшпели хызметлер көрсетпекте.
Әлбетте, адамлар ертең емес, бүгин өз турмысынан разы болып жасаўы керек. Елимиздеги алып барылып атырған барлық реформалар, ийгиликли басламалар биринши гезекте инсан мәпи ушын хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги