Президент Шавкат Мирзиёев жерлерди аукцион арқалы сатыўды әпиўайыластырыўға байланыслы усыныслар менен танысты.

Раўажланған еллерде жер ең жақсы мүлк ҳәм бизнес тийкары. Кейинги жыллары елимизде де бул тараўда ашық-айдынлық ҳәм бәсеки тәмиийнленгени нәтийжесинде жер базар активине айланбақта. Усы мақсетте 2021-жыл 15-ноябрьде «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында» нызам қабыл етилди. Бул нызам талаплары Министрлер Кабинетиниң усы жылы 14-февральдағы қарары менен избе-из жолға қойылды.

Соннан берли өткен ўақытта, яғный 2022-жыл февраль-октябрь айларында исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысы ушын «Yerelektron» мәлимлеме системасы арқалы 48 мың жер участкасы аукцион саўдаларына шығарылған. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплер пайдаланып киятырған 5 мыңға шамалас жер участкасын меншиклестириў бойынша унамлы шешим берилген.

Соның менен бирге, әмелдеги жумыслар талланғанда бул системада айырым кемшиликлер бар екенлигин көрсетти. Мәселен, аукционға шығарыў усыныс етилген 12 мыңнан аслам участка аўыл хожалығы жерлеринде ямаса қорғаў аймағында жайласқанлығы анықланған. Бос жер участкалары «Yerelektron» мәлимлеме системасына тек қана қурылыс бөлимлери тәрепинен киргизилип атырғаны себепли, барлық бос жерлерди табыў процеси толық қамтып алынбай атыр. Сонлықтан бул жумысларды аймақлық қурылыс бөлимлери ҳәм кадастр уйымлары биргеликте әмелге асырыўы усыныс етилмекте.

Әмелиятта қыйыншылық пайда етип атырған және бир машқала жерлерди аукционға шығарыў басқышларының көплиги. Ҳәзирги күнде бул 13 басқыштан ибарат болып, ижара ҳуқықы менен жер алыўда 48 жумыс күни, мүлк ҳуқықында 74 жумыс күнине шекемги ўақыт кетпекте. Сол себепли жерди аукционға шығарыў басқышларын 8 ге түсирип, мүддетлерин тийислисинше 16 ҳәм 22 жумыс күнине шекем қысқартыў мүмкин екенлиги айтылды.

Айырым посёлкалардың бас режеси жоқ екенлиги де процессти ақсатпақта. Соның ушын бундай орынларда жерлерди аймақлық архитектура ҳәм қала қурылысы кеңеси менен келискен ҳалда, мастер-реже тийкарында аукционға шығарыў усынысы билдирилди.

Киши санаат зоналарының аймағы болса анық. Соның ушын олардағы жерлерди бас режеде нәзерде тутылған лотларға муўапық, әпиўайы тәртипте исбилерменлерге бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Халық өзи пайдаланып киятырған жерлерди меншиклестириўи мүмкин екенлиги жақсы имканият. Ҳәзирги күнде оның төлеми жыллық жер салығының 20 есеси муғдарында. Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўде берген көрсетпелерине муўапық, бул баҳа Ташкент ҳәм Нөкис қалалары сондай-ақ, ўәлаят орайларында жер салығының 10 есеси, басқа аймақларда 5 есеси муғдарында белгиленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы усыныс етилген илажларды мақуллап, халық ҳәм исбилерменлерге жеңиллик жаратыў, жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша қосымша тапсырмалар берди.

ӨзА