Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Зорлықсыз шаңарақ – абадан турмысқа қарай» сүрени астында өткерилип атырған акция шеңберинде оқыўшыжаслар арасында таңлаў болып өтти.

Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен өткерилген таңлаўда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған оқыўшылар «Шаңарақтағы зорлыққа қарсымыз!», «Шаңарақ муқаддес мәкан», «Сен жалғыз емессең!» темаларында сүўрет салыў ҳәм шығарма жазыў бойынша беллести.


– Усы жылдың 10-декабрине шекем акциямыз даўам етеди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети жанындағы Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайы директоры Сайёра Насырова. -Бүгингидей илажларды жоқары оқыў орынларында, билимлендириў, медицина мәкемелеринде, банклерде, ең шетки аймақларда өткерип атырмыз. Қорғаныў ордерин алған ҳаял-қызлардың өмирлик жолдаслары менен ушырасыўлар, спорт жарыслары да өткерилди. Өткен жылы өткерилген таңлаўдан өзгешелиги сонда быйыл шығарма жазыў бойынша да оқыўшылар беллести. Онда қатнасыўшылар бахытлы шаңарақты қандай ҳалда көз алдына келтиретуғынын өзлериниң шығармаларында сәўлелендирип берди.

Таңлаўда төрешилер қурамы тәрепинен шығарма жумыслары ҳәм сүўретлердиң ең жақсылары таңлап алынды.

– Өткен жылы дүзилген Инталы балалар кеңеси қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлап, шараятлар жаратып береди, – дейди Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде инталы балалар менен ислесиў бойынша методист Полат Оразбаев. – Бүгинги таңлаўда төрешилер қурамының ағзасы сыпатында усындай оқыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, және де илҳамландырыўға ҳәрекет еттим. Олардың келешекте шебер жазыўшы ҳәм художник болып жетилисиўи ушын жол-жоба көрсетип, мәсләҳәтлер бердим.

– Мен шығарма жумысымда ҳәзирги ўақытта шаңарақларда болып атырған машқалаларды кең жарытып бериўге ҳәрекет еттим, -дейди Тақыятас районындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Қәлбийке Ақылназарова. – Ерте турмыс қурыўдың ақыбетинде бир-бирин түсинбеген жаслар ажырасып кетеди. Нәтийжеде балалар жетим қалады. Усындай шаңарақлар менен мәҳәллелерде ислесиў процесслери, сырт еллердеги перзентлерге тәрбия бериў менен өзимиздиң елимиздеги үрп-әдетлер, қәдириятлар негизинде берилетуғын тәрбияны салыстырып шығарма жаздым.

Сүўрет салыў бойынша Қанлыкөл районының 22-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшысы Нилюфар Маденова биринши орынды қолға киргизди. Қарақалпақ тилинде шығарма жазыў шәрти бойынша Шымбай районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Меҳрийбан Үббиниязова, ал, өзбек тилиндеги шығарма жумысы ушын Елликқала районының 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Мадина Хажыбаева биринши орынға ылайық деп табылды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

     М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы