Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен «Қарақалпақ филологиясының раўажланыўы ҳәм келешектеги әҳмийетли мәселелери: илим ҳәм инновациялық технологиялар» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Түркий тиллер факультети қарақалпақ тили кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының санлы үгит-нәсият бөлими баслығы Ф.Жабборов, орайдың Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Атамуратов, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.

Конференцияда қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиў тарийхы, түркий тиллер системасында қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар, оларды шешиў ушын алдағы ўазыйпалар бойынша филология илимлериниң кандидаты, қарақалпақ тили кафедрасының баслығы Е.Алланазаров, филология илимлериниң докторы, доцент Г.Қурбаниязовлар баянатлар жасады.

Баянатларда сөз етилгениндей, ҳәзирги ўақытта дүньяда алты мыңнан аслам тиллер болғаны менен, олардың тек 170 тен асламы өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе. Олар арасында қарақалпақ тилиниң де бар екенлиги үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш болып табылады.

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи халқымыздың өзлигин аңлаўы, ғәрезсиз турмыста өмир сүриўи ҳәм ата-бабалардан мийрас болып киятырған миллий мийрасларымыз, қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлап, келешек әўладларға жеткерип бериўдей уллы исте тасланған әҳмийетли, тарийхый қәдем болды.

Байрам мүнәсибети менен институт студент-жаслары арасында өткерилген мақалалар таңлаўында жеңимпаз болған студентлерге диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен жәрияланған «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасындағы социаллық видеороликлер таңлаўында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орынларды ийелеген дөретиўшилерге дипломлар, ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.