Грузия Қаржы министрлигиниң Дәраматлар хызмети басшысы Леван Какава басшылығындағы делегация Өзбекстанға келди. Бул ҳаққында Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң мәлимлеме каналы жазбақта.

Дәслеп Мәмлекетлик бажыхана комитетинде еки мәмлекет бажыхана хызмети басшыларының ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов Өзбекстан-Грузия арасында бажыхана тараўында бирге ислесиў түп-тийкарынан жаңаша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, усы жылдың сентябрь айында Өзбекстан делагациясы Грузияда болып, бажыхана системасында қолға киргизилген жетискенликлер ҳәм тәжирийбелер менен жақыннан танысып, әҳмийетли келисимлерге ерискен еди. Бул келисимлерди әмелге асырыў ушын «жол картасы» тастыйықланған.

Грузия делегациясының елимизге сапар етиўин болса усы келисимлердиң дәслепки нәтийжеси сыпатында баҳалаў мүмкин.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер 2023-2024-жылларда биргеликтеги илажлар режеси, товар ҳәм транспорт қураллары бойынша алдын ала мәлимлеме алмасыўдың техникалық шәртлерине қол қойды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги