Франция ҳүкимети рәсмийлери «Google» ҳәм «Microsoft»тың булыт хызмети мағлыўматлар базалары АҚШта жайласқаны, сондай-ақ, Европа Мәлимлеме технологиялары ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша миллий комиссиясы талапларына сәйкес келмеўи себепли мектеплерде «Microsoft Office 365» ҳәм «Google Workspace» қосымшаларынан пайдаланыўды қадаған етти.

Франция Миллий Ассамблеясы ағзасы Филипп Летом «Microsoft Office 365» бийпул қосымшасы қаншелли қолайлы ҳәм көркем болса да, ассамблея мәжлисинде онда нызамға қайшы жасырын «демпинг» көриниси бар екенлиги анықланған.

 

Дилфуза Қуўанышбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс  студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги