Усы күнлери Ташкентте қылышласыў бойынша үлкенлер арасында өткерилип атырған Өзбекстан чемпионатына Жәҳән бириншиликлери ҳәм Олимпиада ойынларының қатнасыўшылары болған Паола Плиего, Зайнаб Дайыбекова, Муса Айтмуратов сыяқлы шебер спортшылар менен бир қатарда онлаған қәбилетли жаслар қатнаспақта.

Бүгинги күнге шекем өткерилген жарыслардың жекелик басқышларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды.

Қылышласыў бойынша Өзбекстан сайланды командасы тренерлер штабы ўәкиллериниң билдириўинше, бул чемпионатта мүнәсип нәтийжеге ерискен спортшылар келеси жылы «Париж-2024» Олимпиада ойынларына жолламалар беретуғын халықаралық жарысларға қатнасады.

Мәмлекет бириншилиги жарыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги