Нөкис қаласы Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайында Каракалпакстан Республикасы юридика техникумының студент-жаслары ушын «Ашық есиклер күни» шɵлкемлестирилди.

Бүгин күни жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм билдирилип атырған исеним ҳәр қашанғыдан да күшли. Оларға жаратылып атырған бундай имканият, шараят ҳәм қолайлықлар себепли жасларымыздың билими, ғайраты ҳәм шеберлиги күн сайын артып бармақта.

Илаж даўамында жаслар мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлериниң жумыс процеслери, олар ушын  жаратылған шараятлар, хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм олардың атқаратуғын ўазыйпалары ҳаққында мағлыўматқа ийе болды.

«Ашық есиклер күни” шеңберинде болажақ мәмлекетлик хызметкерлерге мәмлекетлик хызмет көрсетиў системасында корруцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы жумыслар ҳаққында да түсиник берилди.

Қызықлы ҳәм усынысларға бай болған ушырасыў даўамында жаслар өзлери ушын жүдә көплеп мағлыўматларға ийе болды.

       Қ.ОСПАНОВА,

Нөкис қаласы Әдиллик бөлими мәмлекетлик

 хызметлер орайының бөлим баслығы.  

Қарақалпақстан хабар агентлиги