Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде депутатлар тәрепинен орынларда үгит-нәсият жумыслары даўам етпекте.

Усы қарарға муўапық, Қоңырат районы аймағында да бир қатар жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген. Ҳәзирги ўақытта районда сенаторлар ҳәм депутатлар тәрепинен ушырасыўлар өткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.



Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы О.Атаниязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов усы қарардың мазмун ҳәм әхмийетин түсиндириў, Парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм усы мәселелерде Халық депутатлары жергиликли Кеңес депутатларына әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде район белсендилери  менен ушырасты.

Ушырасыўда қарарда белгиленген жойбарлардың өз мүддетлеринде ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеўде депутатларға ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сондай-ақ, қарар тийкарында  Қоңырат районы аймағында әмелге асырылатуғын  жойбарлар менен танысып,  Бостан ҳәм Туран МПЖларда жойбарлар тийкарында исленип атырған жумыслар туўралы аймақ турғынларына түсиниклер берилди.

Илаж даўамында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде саяманлы терек нәллерин отырғызыў илажлары да өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги