Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиздиң басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” акциясы шеңберинде өткерилип атырған терек нәллерин егиў илажына қатнасты.

Жақсы нийетлер менен өткерилип атырған “Әҳмийетли 40 күнлик” илажы республикамыздың барлық аймақларында шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жәмәәти де бул илажға белсене қатнасып, өзлерине бекитилген аймақта терек нәллерин отырғызды.







-Енгигиден былай терек нәллерин егиўде тек санына емес, ал сапасына айрықша итибар қаратылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев.-Сонда ғана бул жумыслардың нәтийжесин көримизге болады. Ҳәр биримиз нәл отырғыздық па, оның ертеңги күни өсип раўажланыўына да жуўапкер болыўымыз тийис. Мақсетимиз қала ҳәм районларымызды жасыл аймаққа айландырыў болып табылады.


Республикамыз аймағында бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги