Алдын хабар еткенимиздей, 10-октябрь күни мәмлекетимиз басшысы электромобиль тармағын раўажландырыўға байланыслы жумыслар менен танысқан еди. Онда берилген тапсырмалар тийкарында, елимизде электромобильлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, қуўатлаў станцияларын көбейтиў бойынша усыныслар таярланды.

Президент жанында өткерилген гезектеги мәжилисте сол усыныслар додаланды.

Жуўапкерлер тармақта өндиристи мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги ҳаққында пикир билдирди. Соның ишинде, республикада ислеп шығарылған электромобильлерди утилизация жыйымларынан, олардың комплектлеўши бөлеклери, үскенелери, шийки зат материалларын бажыхана бажысынан азат етиў мөлшерленбекте. Сондай-ақ, өндирис процеси толық жолға қойылғанға шекем инвесторларға белгили бир муғдардағы электромобильлерди жеңилликли шәртлер тийкарында алып кириўге рухсат бериў усыныс етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы алдыңғы таныстырыўда халықтың арасында электромобильлер кеңнен тарқалыўы ушын оны сатып алыўды хошаметлеў зәрүрлигин айтқан еди. Соннан келип шығып, Өзбекстанда  электромобильлерди сатып алыўға алынатуғын кредит процентлериниң белгили бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғыны нәзерде тутылмақта. 2023-2025-жылларда мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм мәмлекеттиң үлеси 50 проценттен көп болған кәрханалардың электромобильлер сатып алыўы да қоллап-қуўатланады. Электромобильлерде  жолаўшы тасыў хызметин көрсететуғын адамларға лицензия ушын мәмлекетлик бажы төлеўде жеңиллик бериледи.

Электромобиль ислеп шығарыўда зәрүр шийки затлардан бири мыс екени белгили. Елимизде мыс кластерлери дүзилмекте. Буннан пайдаланып, усы кластерлерде электромобильлер ҳәм қуўатлаў станциялары ушын комплектлеўши бөлеклер таярланады.

Кадрлар мәселеси де оғада зәрүр. Сонлықтан Турин политехника университети жанында Электромобильлер ҳәм олардың инфраструктурасы бойынша илимий-изертлеў лабораториясын шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелерди раўажланған мәмлекетлерге маманлығын арттырыўға жибериў режелестирилген.

Мәжилисте жуўапкерлер бул илажлардың нәтийжесинде республикамызда жылына  15-25 мың электромобиль ислеп шығарыўды жолға қойыў мүмкиншилигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдар автомобиль ислеп шығарыўда бәсеки жаратыў керек екенин атап өтти. Берилип атырған имкниятларды тараўға қызығыўшылық билдирген исбилерменлер менен додалап, олардың пикир-усыныслары тийкарында жеңилликлерди буннан былай да кеңейтиў, тармаққа исбилерменлерди тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигине электромобильлер ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыў бойынша халықаралық стандартларды енгизиў ўазыйпасы жүкленди.

ӨзА