Президенттиң тийисли пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик хызмет, халық пенен пикирлесиў ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи енгизилди. Бул жаңа лаўазым алдыңғы еки кеңесгөй лаўазымын бирлестириў арқалы шөлкемлестирилген.
Онда Президенттиң пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, мүрәжатлар менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи (усы күнге шекем Турсинхан Худайбергенов кеңесгөй еди) сондай-ақ, Президенттиң мәмлекетлик хызмет мәселелери бойынша кеңесгөйи (усы күнге шекем вакант еди) лаўазымлары сапластырылып, олардың тийкарында жаңа лаўазым енгизилген.
Пәрманда буннан мақсет мәмлекет ҳәм пуқаралар арасында бирге ислесиўдиң жаңа системасын шөлкемлестириў, мәмлекетлик уйымларда мүрәжатларды көрип шығыўдың заманагөй қатнасларын енгизиў ҳәм орынларда машқалалардың шешилиўи үстинен тәсиршең қадағалаўды орнатыў екенлиги атап өтилген.
Сондай-ақ, кейинги ўақытларда Халық қабыллаўханалары жумысы жетерли нәтийже бермей атырғаны, орынларда машқалаларды шешиўде немқурайдылыққа жол қойып, тийкарынан өзи боларлыққа салып атырғаны халықтың ҳақылы түрде наразылықларын келтирип шығарып атырғаны себепли Халық қабыллаўханалары институтын күшейтиў бойынша айырым ўазыйпалар белгиленди.
Соның ишинде, Халық қабыллаўханаларының хызметкерлерине тәсиршең илаж сыпатында мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери бойынша нызамбузыўшылықлар бойынша ҳәкимшилик протоколлар дүзиў ҳәм судқа жибериў ҳуқықы берилмекте.
Аймақлар менен тиккелей байланысларды орнатыў ҳәм орынлардағы жағдайдан келип шығып, оператив илажлар көрип барыў мақсетинде Халық қабыллаўханаларының жумысын жаңадан шөлкемлестирилип атырған Администрация басшысы жәрдемшилери муўапықластырып барады ҳәм олар тиккелей аймақларда өз жумысын әмелге асырады. Онда Администрация басшысы жәрдемшилериниң штатлары бар штат бирликлерин қысқартыў есабынан шөлкемлестириледи.
ӨзА