Сырт ел инвесторларына дүньяның ең жедел раўажланып атырған экономикалары ҳаққында мағлыўматларды бериўши жетекши консалтинг-баспа компаниясы Beyond Investments Group Президент Шавкат Мирзиёевтиң Францияға сапарына бағышлап «THE INVESTOR UZBEKISTAN 2023» журналының арнаўлы санының басып шығарылыўы ҳаққында анонс жәриялады.

Редакцияның атап өтиўинше, «THE INVESTOR UZBEKISTAN 2023» журналы Өзбекстанды 48 мәмлекеттеги 165 000 нен артық инвестордан ибарат халықаралық инвестициялық жәмийетшилик арасында танытыўға әҳмийетли үлес қосады. Басылымның атап өтиўинше, Өзбекстан бир қатар экономикалық реформалар нәтийжесинде инвесторлардың исенимин арттырды ҳәм стратегиялық жақтан региондағы ең тартымлы инвестициялық аймақлардан бирине айланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги