Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Түркий тиллердиң раўажланыўы ҳәм изертлениўиниң әҳмийетли мәселелери» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Илажда ҚМУ профессор-оқытыўшылары, Россия Федерациясы, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Якутия Республикалары ҳәм ўәлаятлардың жоқары оқыў орынларынан профессорлар, илимий жәмийетшилик ўәкиллери, студент-жаслар қатнасты.
Конференцияны Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, техника илимлериниң докторы, профессор Ахмет Реймов кирис сөз бенен ашып, қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы дипломатиялық ҳәм илимий байланысларды және де күшейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Илажда XII әсир илимпазы Аз-Замахшарийдиң «Муқаддимат әл-адаб» сөзлиги, Яссаўийдиң «Ҳикметлер»и, регионаллық топонимия ҳәм диалектология, түркий тиллердеги даўыссыз сеслер, антонимлердиң изертлениў тарийхы бойынша баянатлар тыңланды.
Конференция шеңбериндеги секция мәжилислеринде заманагөй түркийтаныў изертлеўлер орайында, түркий тиллерди изертлеўдиң теориялық ҳәм әмелий тийкарлары, тил менен мәденияттың үйлесимлиги, аўдарма машқалалары, тилди оқытыўдың улыўма методологиялық принциплери сыяқлы темалар додаланды.
– Бүгинги халықаралық конференцияда тилтаныўшы илимпазлар ZOOM бағдарламасы арқалы онлайн ҳәм оффлайн қатнасты, -дейди ҚМУдың өзбек тилтаныў кафедрасы оқытыўшысы Охунжон Абдуллаев. – Конференцияға 150 ге шамалас илимпазлар тәрепинен мақалалар берилген. Олар 2 топлам болып басылып шықты. Мақалалар 5 секцияға бөлинип, көрип шығылады. Бундай конференциялардың шөлкемлестирилиўи университетимиздиң дәрежесин, илимий потенциалын жоқары дәрежеге көтерип, алдағы ўақытлары да басқа мәмлекетлердиң илимпазлары менен тығыз бирге ислесиўимизди тәмийинлейди, деп ойлайман.
Конференцияда баянат жасаған қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги