Бүгинги күнде аймақларда айрықша жағдайлар басқармалары тәрепинен газдиң зәҳәрли ийисинен зәҳәрлениўге байланыслы жүз берип атырған жағдайлар есапқа алынып, жуўапкер уйымлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте оның алдын алыўға бағдарланған профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта. Усындай илаж Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында болып өтти.

Онда сөзге шыққан филиал директорының орынбасарлары, қутқарыў бөлимлериниң қәнигелери филиалда студентлер арасында газдиң зәҳәрли ийисинен зәҳәрлениўдиң, ҳәр қыйлы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде турақлы түрде илажлар әмелге асырылып атырғанын, қадағалаўшы академиялық топар басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылар тәрепинен филиалда студентлердиң турақ жайы болмағаны себепли ижарада ҳәм ағайининиң үйинде туратуғын студентлердиң дизими дүзилгенин атап өтти. Олар студент-жасларды усындай айрықша жағдайлардың алдын алыўда барлық ўақытта сақ ҳәм белсенди болыўға, пайдаланыўға жарамсыз электр жылытыў үскнелеринен пайдаланбаўға, ҳәр қыйлы кеўилсиз жағдайларда дәрриў 104 номери арқалы хабар бериўге шақырды.

– Қыс мәўсими жақынласқанда барлығымыз үйимиздеги жылытыў үскенелерин қосамыз. Усындай ўақытларда газдиң зәҳәрли ийисинен зәҳәрленипти, деген гәпти көп еситемиз, -дейди филиалдың «Спорт түрлери» футбол бағдарының 3-курс студенти Қазақбай Қуралбаев. –Зәҳәрли газ ийисинен қалай сақланыў мүмкин, қыс қарсаңында турақ жайларымызда қандай сақлық илажларын көриўимиз керек, деген сораўлар мени қыйнап келетуғын еди. Бүгинги ушырасыўда усы сораўларыма толық жуўап алдым.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен илаж қатнасыўшыларына тарқатпа материаллар берилип, өрт, жарылыў, зәҳәрли газ ийисине байланыслы айрықша жағдайлар жүз бергенде қандай ҳәрекетлениў, олардың алдын алыў бойынша көргизбели тактикалық шынығыўлар алып барылды. Илаж даўамында қәнигелер студент-жаслардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги